Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Арыу 2015.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
151.55 Кб
Скачать

2.3 Case қураллар жәрдеминде жаратылған эхас ның салыстырмалы анализи

1) МББС тийкарында дүзилген системалар ("Дело" компаниясының "Электронные офисные системы", LanDocs Ланиттен, OPTIMA-WorkFlow "Оптимы", "Кодекс" өними, "Золушка" компьютер исленбелери орайы ,Москва раўажланыў институтының илимий-технологиялық орайы.);

2) раўажланған мәмелекетлердиң белгили ПТ русификацияланған версиялары (Documentum 4i Documentum компаниясынан , DOCS Open Hummindbird фирмасы, Lotus Domino / Notes IBM корпорациясы, DocuLive Siemens концернинен ).

3) Lotus Notes платформасы тийкарында жаратылған системалар (CompanyMedia "ИнтерТраст" компаниясы , "БОСС-Референт" "АйТи", "Эскада" "Интерпроком ЛАН" фирмасы).

Кеңнен тарқалған системаларды қарап өтейик:

- "БОСС-Референт" системасы пайдаланыўшылардың биргеликте ислесиўине бағдарланған ҳәм шөлкем ишинде пүтин информацион кеңисликти тәмийинлейди. IBM Lotus Domino / Notes платформасында дүзилген ҳәм төмендегише қәсийетлер менен :

- информацион-басқарыў сферасының қуралы;

- ҳүжжетлердиң биргеликлигиниң қурамалы маршрутын тәмийинлеў ;

- орнатылған процесслер тийкарында ҳүжжетлер айланысын тезде автоматластырыў имканияты , буйыртпашы талабына сай модификациялаў мүмкиншили.

- администрацияластырыў, масштабластырыў, Wtb- доступ имканияты;

- мағлыўматларды қорғаў қураллары;

- пайдаланыўшының әпиуайы тәризде үйрениў.

ЭХАС "ДЕЛО" ҳүжжеттиң толық өмирлик циклин тәмийинлейди. Система онша үлкен емес шөлкемлерде- қағаз ҳүжжетлер айланысын автоматластырыў ушын қолланылады, ал ири кәрханаларда- электрон ҳүжжет айланысы имканиятын әмелге асырады.

Системаның тийкарғы функциялары:

-ҳүжжеттиң дүзилиўинен баслап архивке шекемги өмирлик циклин толық тәмийинлеў;

- ҳүжжетлер бойынша тапсырмаларды дүзиў;

- ҳүжжетлердиң шешимлер бойынша аўысыўын басқарыў;

- ҳүжжеттиң орынланыў барысын қадағалаў;

- информацион қәўипсизликти тәмийинлеў.

ЭХАС "Евфрат-документооборот" мүмкиншилиги кең көлемли шөлкемлер ушын арналған. «Рабочий стол» парадигмасы тийкарында дүзилген. Ҳүжжетлер дәрежелер бойынша папакалаға орнатылады. Система төмендеги мәселелерди шешиў имканиятына ийе:

- канцелярияның автоматизациясы;

- ҳүжжетлердиң электрон архиви ;

- корпоратив электрон ҳүжжет айланысы (workflow).

"OPTИMA-WorkFlow" системасы күнделикли әмелий ҳүжжетлер менен ислесиўши шөлкемлер ушын арналған Система ҳүжжетлерди жүритиў қағыйдасы бойынша ҳүжжетлердиң дизимге алыныў процессин автоматластырады, аннотирация механизмлерин орынлайды, резолюциялар топлайды, тапсырмалардың орынланыўы ҳаққында есабатлар тапсырыў мүмкиншилигин әмелге асырады.

OPTИMA-WorkFlow системасының функционал мүмкиншилиги:

- ҳүжжетлер ҳәрекетиниң функционал маршрутизациясы;

- ҳүжжетлер менен ислесиўде технология талапларын сақлаўды қадағалаў;

-тапсырмалардың орынланықадағалаў; форма ҳәм қурамлардың динамикалық модификациясы;

- мағлыўматларды дизимге алыў ҳәм олар есабы;

- ҳүжжет версиясын толық қадағалаў;

- электрон объектлер менен ислесиў;

- аралықта жайласқан корпаратив тармақлар менен ислесиў;;

- пайдаланыўшының рабочий орнында индивидуал интерфейсти жаратыў мүмкиншилигин тәмийинлеўи.

"Megapolis - Документооборот" системасы ҳүжжетлерди басқарыў ҳәи жумыс процесин автоматластырыўдың комплексли программалық шешими. Система ҳүжжетлердиң толық өмирлик циклин қамтыйды. Система ҳүжжетлестириў ҳүжжети алып барыў процессин автоматластырып, олардың орынланыўын қадағалайды, кеңейиў дәрежеси бойынша жоқары болған бул системадан, қәлеген шөлкем пайдаланыүмкин

"Megapolis - Документооборот" системасы төмендеги мәселелерди шешиў ушын арналған;:

- жумыс процессин автоматластырыўды тәмийинлеў (workflow);

- оаралықурамлар менен ислесиўди шөлкемлестириўдиң информацион кеңислигин тәмийинлеў;

- жумысты алып барыў мәселелерин автоматластырыў ҳәм орынланыўын қадағалаў. Ҳүжжетлерди таярлаў, дизимге алыў, резолюцияларды қәлиплестириў, ҳүжжетлерди орынлаўшыларға жеткериў, орынланыў барысын фиксациялаў, орынлаўды қадағалаў, архив жумысының жүритилиўин автоматизациялаў; - организация работы с обращениями граждан;

- статистикалық ҳәм аналитикалық есабатларды дүзиў.

ЭХАС ның раўажланыў бағдары еле даўамланыў барысында болғанлықтан бул системалардың еледе жаңаланған вариантлары ҳәр қыйлы тараўларда қолланыў имканиятлары еледе жетилиседи деген пикирдемиз..

Жуўмақлаў

Жумыс барысында CASE-қуралларға тийисли терминологияларға түсиниклер берип өтилди: олардың улыўма қурамы үйренилип, олар ишинде репозитория, нотацияны визуализациялаўдың графикалық редактори, диаграммалар верификаторы (тест өткериў қураллары), проект документаторы (есабатлар) ҳәм сервис (системалы утилиталар қурамы) қарап өтилди.

Бүгинги күнде CASE-қураллардың еки варианттағы методы: структуралы ҳәм объект-қарат бағдарланған RUP (Rational Unified Process) методологиясы тийкарында қолланылыўы UML нотация тилинде жүритилиўи анықластырылды. Структуралы проектлестириўден ибарат CASE-қураллар, IDEF (Integrated Definition Function Modeling – методологиясына тийкарланады. Информацион моделлерди дүзиўдиң еки методологиясы IDEF1 (Information Modeling - информацион моделлестириў) ҳәм IDEF1Х (IDEF1 eXtended) – характеристикалары менен анықламалары кеңирек талықланды соның менен бирге «мазмун-байланыс» версиясының сыпатына анықлама берилип өтилди.

ПТ өмирлик цикли анализи, бойынша CASE технологияларды қолланыўда ислеп шығарыўшылар тийкарғы күшти проект ҳәм анализ ушын жумсаў кереклиги анықластырылды.

Соседние файлы в папке Referat