Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Арыу 2015.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
151.55 Кб
Скачать

Case-қураллар жәрдеминде жаратылған эхас салыстырмалы характеристикасы

2.1 Электрон ҳүжжет айланысы системасы ҳаққында тийкарғы түсиниклер

Электрон ҳүжжетлер ҳәм электрон ҳүжжетлер ,электрон мағлыўматлар айланысында ҳүжжетлер шәртли реквизитлер менен жүритиледи. Электрон ҳүжжет айланысы- ҳүжжетлердиң тастыйықланыўы тийкарында, электрон ҳүжжетлерди жаратыў,қайта ислеў, узатыў, қабыллаў, сақлаў, жоғалтыў жыйындысы. Электрон ҳүжжетлерди қолланыў юридикалық тәрептен әмелге асады. Бул электрон подпись арқалы қәлиплеседи. Электрон подпись электрон ҳүжжеттиң шәртли реквизити саналады.,ол ҳүжжетти жаратқан, автор ҳәм тәреплердиң идентификациясы ушын қолланылады.Электрон ҳүжжет айланысы (ЭХАС), электрон ҳүжжетлер ( жаратыў,өзгертиў, излеў, сақлаў) менен ислесиўди тәмийинлеўши программалық тәмийнат

( компьютер программасы ямаса система) ҳәм хызметкерлер арасындағы өз-ара байланыс: ҳүжжетлерди узатыў, тапсырмаларды усыныў (жайластырыў, тапсырмалар) ҳәм оларды қадағалаў, хабарларды жөнелтиў.

Кеңирек мәнисте қарайтуғын болсақ шөлкемлестириўши-технологик структура болып, программалық, техникалық, методологик, шөлкемлестириўшилик ҳәм норматив-ҳуқықый аспектлер қурамына өнидирслик организмге кириў.

Электрон ҳүжжет айланысына қойылатуғын тийкарғы талаплар:

- Масштабланыўшылық- система қәлеген пайдаланыўшыларды қамтый алыў керек , система қуўатлылығының артып барыўы ҳәм программалық тәмийнаты арқалы қуўатлылықтың белгиленип берилиўи.

- Аралық бойынша жайласыўы- ҳүжжетлер ара айланыс архитектурасы системасында аралықта жайласа отырып ҳүжжетлер менен ислесиўдиң тәмийинлениўи.

- Модуллик- система өз ара интегралласқан, бөлек модуллерден дүзиледи.

- Байланысыўшылық- система басқа системалар менен интеграцияланыўы ушын ашық интерфейске ийе болыўы талап етиледи.

Электрон ҳүжжет айланысы шөлкемде пүтин информацион кеңисликти жарата отырып, информацион түйинге барлық ҳүжжетлестирилген системаны интерациялайды.

2.2 Case-қураллар жәрдеминде эхас классификацияланыўы

Электрон ҳүжжет айланысын проектлестириў көплеген компаниялар арқалы бир бирине ғәрезсиз әмелге асады, сонлықтан жумыстың сәйкеслендирилмеўи есабынан ҳәр қыйлы өндириўшилердиң ҳүжжетлер айланыс системасында өз-ара байланыснда мәселелер жүзеге келеди. Бундай мәселелер системаны проектлестириўде, мағлыўмат форматларын сәйкеслендирип узатпаў, система ҳәм усыллардың стандартизациясының болмаўы есабынан пайда болады.

Электрон ҳүжжет айланысы сәкес программалық тәмийнат арқалы әмелге асады (Enterprise Document Management Systems, EDMS).

Бизнес-процесслерге бағдарланған business-process EDM бул система, ЕСМ концепциясы тийкарында дүзиледи. Бул түрдеги системалар спецификалық вертикал ҳәм горизонтал қолланбалар ушын арналған (базыда тараўларда қолланылады). EDMS-системалар ҳүжжеттиң толық өмирлик циклин тәмийинлейди, ҳүжжетлердиң түп нусқасын сақлаў ҳәм излеў имканиятына ийе ( көринислер, электрон таблицалар,САD-файллар). EDMS-системаларды ислеп шығарыўшылардан ең белгилиси Documentum (Documentum системасы), FileNet (Panagon ҳәм Watermark системалары), Hummingbird (PC DOCS система) ҳәм.б. Бул тараў вендорлары, ЭҲА функцияларын орынлаўда шаблонларды басқарыў, динамикалық презентацияларды жүритиў Web-қурам публикациясы усаған хызметлерди орынлайды. Бунда EDMS-системалар репозиторийлардың нәтийжели орынланыәмийинлейди, электрон қурамды басқарыў ушын бибилиотекалық сервислерди усынады. Мысалы, Open Text ҳәм iManage компаниялары системасында, офис ҳүжжетлерин басқарыў жақсы жолға қойылған, сондай ақ Tower Technology, FileNet, IBM ҳәм Identitech компаниялары көлемли көринислерди басқарыўда күшли имканиятларға ийе

Корпоратив ЭХАС (enterprise-centric EDM) ҳүжжетлерди жаратыў ушын корпаратив инфраструкураны усынады (корпоратив пайдаланыўшыларға тийкарланған) . Корпаратив системалардың базалық функциясы ЭХАС қәсийетлерине уқсас болып бизнес-процесске қаратылған. Корпаратив ЭХАС лар тек бир тараў ушын арналып қалмастан, ол улыўма корпаративлик технологияларға енгизиледи.

Жумысларды басқарыў системалары (Workflow Management Systems) корпаратив структураласқан бизнес-процесслер шегарасында ағымлар маршрутизациясын тәмийинлейди. Олар корпаратив бизнес-процесслерди нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қадағаланы әмелге асырады. предназначены для обеспечения маршрутизации потоков работ любого типа (определение путей маршрутизации файлов) в рамках корпоративных структурированных и неструктурированных бизнес-процессов [2].

Lotus (Domino / Notes и Domino Workflow системалары), Jetform, FileNet, Action Technologies, Staffware компаниялары булл бағдардың исенимли ўәкиллери сыпатында жақсы шешимлерди қабыллаў имканиятын береди, FileNet, IBM ( ПО MQ Series Workflow ПТ интеграциясында ), Identitech, Tower (Plexus и Staffware ПТ интеграциясында ), Gauss ( Staffware ПТ интеграциясы арқалы) ағымларды басқарыў мүмкиншилигине ийе. и др.

Киритиўди басқарыў системасы (Output Management Systems - OMS) криўши ҳүжжетлер генерациясы ушын арналған. Базы OMS-системаларда архивация ҳәм таяр ҳүжжетлерди узақ мүддетли сақлаў имканияты киритилген. Сонлықтан көплеген OMS-системалар ҳүжжетлер архивациясы ҳәм оларды излеў бойынша интегралластырылған (IDARS - Integrated Document Archive and Retrieval Systems). OMS-системалардың өзгешелиги соннан ибарат яғный ол ERP-системасы арқалы информацион системалар есабатлары менен ҳүжжетлерин генерациялаў мүмкиншилигин тәмийинлейди. Аналитиклердиң пикиринше, ERP-системалардың әззи тәрепи бул шығыўшы ҳүжжетлер генерациясының төмен дәрежедеги басқарылыўы. Булл фактор OMS-системалардың қәлиплесиўиниң тийкарғы факторы болып табылады. Бир қатар OMS-системалар шығыўшы ҳүжжетлердиң жеткерилиўин ҳәм тарқатылыўын орынлайды (электрон HTML, XML ҳәм PDF форматларда).Көпшилик жағдайларда OMS-системалар ҳүжжет ҳәм көринислерди сканерлеў пакетлери менен интегралласқан

Көринислерди басқарыў системасы жәрдеминде (Imaging Systems) қағаз арқалы сканирленген мағлыўматлар электрон формаға келтириледи (әдетте TIFF форматда). Стандартлық системаның базалық функцияларына: сканирлеў,сақлаў, көриснилерди излеў мүмкиншиликлери киритилген.

Соседние файлы в папке Referat