Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Арыу 2015.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
151.55 Кб
Скачать

1. Заманагөй case қураллар структурасы ҳәм методологиясы анализи

1.1 «Case –қураллар» термини түсиниги

Дәслеп "CASE-технология" (Computer - Aided Software Engineering) термини « компьютер технологиясы жәрдеминде ИС ның ПТ автоматластырылған тәртипте ислеп шығыў» деген мәнисте қолланылды.

Бүгинги күде «CASE –қурал» термини ИС жаратылыўын ҳәм жүритилиўин тәмийинлеўши программалық қураллардың кеңейтилген қурамы ретинде түсиндириледи, ҳәм буған төмендегилер киритиледи: талапнамалар анализи ҳәм оларды қәлиплестириў, мағлыўматлар базасы ҳәм ПТ проекти, кодлар генерациясы, тест өткериў, ҳүжжетлестириў, сапаны тәмийинлеў, конфигурацион басқарыў ҳәм проектти басқарыў ҳәм басқа процесслер. CASE қураллар системалы ПТ ҳәм техникалық қураллар менен биргеликте ИС ислеп шығыў орталығын пайда етеди.

CASE-технологиялар ИС жүритилиўи ҳәм проектлестирилиў процесслерин автоматизацияластырыў ушын арналған инструментарийлар ҳәм методологиялар жыйындысы .

CASE қураллар методологиясы проекттиң орынланыўын, методлардың қолланылыў қағыйдаларын белгилейди. CASE қураллар методы- информацион система компонентлерин белгилеўши генерация техникасы ямаса әмели ( мағлыўматлар ағымы ҳәм структурасын проектлестириў). CASE қураллар нотациясы- арнаўлы графикалық символлар жәрдеминде мағлыўматлар элементин ҳәм система структурасын көрсетиў.

CASE-қураллар бул арнаўлы программалар болып, ол информацион системаны проектлестириў ҳәм анализилеў методологиясын тәмийинлейди. CASE-технология, методологиясы шегарасында анық CASE қураллар арқалы тәмийинленетуғын диаграммалар дүзиледи. CASE технологиялар жеке тәртипте есапланбайды ал олар, CASE қураллардың қолланылыўының жоқары нәтийжелилигин тәмийинлейди.

Заманагөй CASE- қураллар информацион системаларды проектлестириўдиң көплеген технологияларынан ибарат: олар әпиуайы анализлеў қуралынан баслап , программалық тәмийнаттың өмирлик циклин жабыўшы автоматизация қуралларының толықмасштаблы ҳүжжетлестирилиўин тәмийинлейди. Информацион системаларды ислеп шығарыўдың қурамалы этаплары булл, анализлеў ҳәм проектлеў этаплары, бунда CASE-қураллар қабылланатуғын техникалық шешимлердиң сапасын тәмийинлейди ҳәм проект ҳүжжетиниң қәлиплеситирилиўин әмелге асырады. Бунда мағлыўматты визуал усыныў методы үлкен әҳмийетке ийе. Бул арқалы ҳақықый ўақыт моментинде диаграммалардың дүзилиўи, реңли палитралардан пайдаланыў, синтаксислик қағыйдаларды бақлаў шәртлери орынланады. Предметлик областты моделлестириўдиң графикалық қураллары информацион системаны көргизбели тәризде үйрениўди тәмийинлейди, орнатылған мақсетлер ҳәм шеклеўлер бойынша қайта дүзиў имканиятын әмелге асырады

1.2 Case-қураллар структурасы

CASE-қураллар структуралық анализ ҳәм проектлеў методларын қолланыўды ҳәм тәмийинлеўди әмелге асырыўшы қурал. Бул қураллар интерактив режимде пайдаланыўшылардың графикалық проектлерин жаратыўды ҳәм дүзетиўди тәмийинлейди. Олар проекттиң иерархик тәртипте дүзилиўин ҳәм қурамлардың сәйкеслигин тексериўди әмелге асырады. CASE-қураллар графикалық-бағдардағы инструментлер типин көрсете отырып, программалық қураллар арқалы, ПТ ислеп шығыўда автоматик жәрдемди усынады, ҳәм төмендеги қосымша характеристикаларды пайда етеди.

- ПТ системасын көрсетиў ҳәм ҳүжжетлестириў бойынша мүмкиншиликлер;

- интеграция, қураллар арасында мағлыўматлардың аңсат аўысыўын ҳәм проектлестириўдиң барлық процессин басқарыў имканияты соның менен бирге проектти жобаластырыў процесси арқалы ПТ ислеп шығыў;

- проекттиң бөлек элементлери ҳәм шаблонлары ушын компьютер репозитариясын қолланыў, булл өз нәўбетинде ПТ тың автоматик продуцияланыўы ушын тийкар болады ҳәм келеси системаларда қайталар қолланыў мүмкиншилигин тәмийинлейди.

CASE-қураллардың концептуал дүзилиси тийкарында төмендеги шәртлер белгиленген:

- адам факторы, ПТ ислеп шығарылыўын белгилеў ҳәм оны әмелге асырыў.

- басқа қолланбаларда тарқалған базалық программалық қуралларды кеңнен қоланыў ( МБ ҳәм МББС, ҳәр қыйлы түрдеги тиллердиң компиляторы, отладчиклер, документаторлар, баспадан шығарыў системалары, экспертлик системалар қатламы, билимлер базасы, төртинши әўлад тиллери ҳ.б.).

- ҳәр қыйлы платформалар ҳәм ҳәр қыйлы кодлар ушын автоматластырылған ямаса автоматик кодогенерация: ҳүжжетти алыў ушын өзгертиўлер; МБ структурасын дүзиў; мағлыўматлар модификациясы/киритилиўи; ПТ спецификациясынан орынланыўшы машина кодларын алыў; сөзликлерден модуллерди ҳәм мағлыўматлар моделин топлаў ҳәм қайталанып қолланыўшы программаларды жыйнаў.

- басқарыўға бейим,түсиникли ҳәм көрсетиўге ийкемлестирилген, анық қурамға ийе компонентлерди алыўды тәмийинлеў.

- ҳәр қыйлы категория пайдаланыўшыларына байланыса алыў

- рентабеллик

- проектти жүритиў бойынша, талапнамалар өзгерисинде бейимлесиўди тәмийинлеўши мәселердиң нәтийжели шешими.

CASE-қуралларға кириўши элементлер:

- репозитория: проект шаблонларының ҳәм белгиленген компонетлердиң пүтинлигин тәмийинлейди, ҳәр қыйлы ислеп шығарыўшылардың топарлық биригиўи процессинде мағлыўмат синхронизациясын орынлайды, метамағлыўматлар толықлығын ҳәм сәйкеслигин тексериў.

- 4GL тилин ҳәм кодлар генераторын қоллана отырып, қолланбаны ислеп шығыў қураллары.

- тест қураллары

- ҳүжжетлестириў қураллары.

-анализ ҳәм проектлеўдиң графикалық қураллары, информацион система моделлерин анық методологияда орынланған диаграммалар менен байланыслы тәризде жаратыў ҳәм өзгертиў мүмкиншилигин усынады.

- реинжиниринг қураллары

- конфигурацион басқарыў қураллары

- проектти басқарыў қуралы

Соседние файлы в папке Referat