Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Арыу 2015.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
151.55 Кб
Скачать

1.3 Case-технологиялардың раўажланыў эволюциясы

CASE-технологиялар моделлестириўдиң жеке методологиясы сыпатында қаралмастан ол автоматизация ҳәм интеграция есабынан

структуралық анализ ҳәм проектлестириў нәтийжелилигин тәмийинлейди.

Дәстүрий тәрептен, ПТ методлары ҳәм қолланылыўшы техника менен өзгешеленетуғын, инструментал қураллар сыпатында қолланылатуғын, алты дәўир белгиленген:

- Ассемблерлер, яд дампылары, анализаторлар;

- Компиляторлар, интерпретаторлар, трассировщиклер;

- символы отладчиклер, программалар пакети;

- басланғыш текстлерди басқарыў ҳәм анализлеў системасы;

- талапнама анализи, спецификацияны ҳәм структураны проектлестириў , интерфейслерди редактрлеўдиң CASE-қураллары;

- басланғыш текстлер генерациясының ҳәм ПТ ислеп шығыўда толық өмирлик циклди тәмийинлеўди әмелге асырыўшы CASE-қураллар.

CASE-I системалы аналитиклер менен проектлеўшилерге қаратылған биринши технология сыпатында, графикалық моделлерди,спецификацияның проектлениўин,экран редакторлерин ҳәм мағлыўмат сөзликлерин тәмийинлейди. Ол өмирлик циклди толық тәмийинлеўди емес, ал проекттиң функционал спецификацияларын проектлейди, логикалық ҳәм системалық проектлеўде талапларды белгилейди.

CASE-II ПТ ислеп шығарылыўында өмирлик циклдиң толық орынланыў мүмкиншилигине тәсир ете отырып, ол графикалық,системалық талаплар ҳәм проектлеў спецификациясын орынлаў есабынан функционал тәмийнатты әмелге асырады; проектлестириўди басқарыў бойынша системалық мағлыўматларды бириктириў, анализлеў ҳәм қадағалаў имканиятына ийе; система моделлери менен прототиплерин жаратыў; генерацияланған программалар анализи, верификациясы ҳәм тестлениўин әмелге асырыў;проект бойынша ҳүжжетлерди генерациялаў; өмирлик циклдиң барлық этаплары бойынша стандартқа сәйкес қадағалаў имканиятларына ийе.

CASE-II өмирлик циклдиң барлық этапларын тәмийинлеўши 100 артық функционал компонентлерге ийе, ҳәм бунда пайдаланыўшылар ушын қуралларды таңлаў имканияты усынылады ҳәм белгиленген қурамда интеграцияны жүритиў мүмкин.

    1. Case–қуралларда қолланылатуғын проектлеў методологиялары

CASE –қураллар инструментал қураллар тараўының тәбийий эволюцион нәтийжеси. CASE-технологиялар структуралыәстүрлеў методологиясы шеклеўлерин басып өтиў мақсетинде раўажланып отырды.

Бул методология дүзилиси бойынша қурамалы ҳәм проектлик спецификацияға өзгерислер киритиў мүмкиншилиги қыйын кешеди. Оған орнатылған принциплер бул методологияны раўажландырыў имканиятын жаратты ҳәм автоматизация есабынан қыйын кешиўши этаплар нәтийжелилиги арттырылғанлығын айта кетейик.

CASE- қуралларда орынланған, методологияның тийкарғы стандартлары:

  • SADT (Structured Analysis and Design Technique) – структуралық анализ ҳәм проектлеў методологиясы. Функционал моделестириўге тийкарланған. Басқарыў, кери байланыс ҳәм атқарыў характеристикаларын белгилейди;

- DEF0 (Integrated Definition Function Modeling) – функционал моделлестириў методологиясы. Функционал моделди жаратыў ушын қолланылады, соның менен бирге система функциясын ҳәм структурасын усы функциялар арқалы өзгериўши,материаллық объектлер менен мағлыўматлар ағымын көрсетеди.

- DFD (DataFlow Diagram) – мағлыўматлар ағымын моделлестириў методологиясы.

Келеси методология стандартлары рабочий процесслер арасында мағлыўматлардың алмасыўын көрсетиў ушын қолланылады;

IDEF1 система функциясын тәмийинлеў ушын зәрүр болған информацион ағымлар қурамын ҳәм структурасын көрсетиўши, информацион моделди дүзиў ушын қолланылады.

IDEF2 ўақыт бойынша өзгериўши функциялар, мағлыўматлар ҳәм система ресурсларының динамикалық моделин дүзиўди тәмийинлейди.

IDEF3 – жумыс ағымын моделлестириў методологиясы. Опреациялардың орынланыў избе-излилигин есапқа ала отырып анық процессти көрсетеди.

IDEF3 жәрдеминде ҳәр бир процесс ушын операциялар избе излилиги ҳәм сценарийлар жазылады.

IDEF1X (IDEF1 Extended) – мағлыўматларды белгилеў методологиясы. Мағлыўматлар базасын дүзиў ушын қолланылады. «Мазмун-байланыс» методологиясына тийисли ER - Entity-Relationship ҳәм шәрт бойынша қаралып атырған системаға тийисли реляцион мағлыўматлар базасын моделлестириў ушын қолланылады.

IDEF4 – объектке- қаратылған бағдар. Объектлердиң өз-ара байланысын белгилейди. Объектлер структурасын ҳәм олардың өз-ара байланысына орнатылған принциплерди көргизбели тәризде белгилейди.

IDEF5 – қурамалы системаларды онтогонистлик изертлеў методологиясы. IDEF5 меодологиясы жәрдеминде система онтологиясы анық термин ҳәм қағыйдалар менен белгиленеди ҳәм оның тийкарында системаның анықлығын тәмийинлеў имканияты жаратылады.

ARIS – избе-из орынланыўшы ҳәрекетлер ағымында бизнес-процессти көрсетеди.

UML - (Unified Modeling Language) – моделестириўдиң унификацияланған тили, объектли-бағдарланған усылға тийкарланады. UML- системаның статик структарсын ҳәм сәйкес нотацияларда динамикалық қәддин көрсетеди.

CASE-қуралларда структуралы ҳәм объектке-бағдарланған проектлестириў методологиясы қолланылады.Структуралы проектлеў алгоритмлик декомпозицияға қаратылған, ал объектке-қарата проектлеў- объектке-бағдарланған декомпозиция арқалы әмелге асады.Алгоритмлик декомпозиция өтип атырған жағдайлардың тәртибин белгилейди, ал объектке-бағдарланған декомпозиция объектлер классы иерархиясын, олардың методлары менен қәсийетлерин белгилейди.Объектке-қарата бағдарды тәмийинлеўши CASE-қураллар RUP (Rational Unified Process) методологиясын ҳәм UML тили нотациясын қолланады.

Соседние файлы в папке Referat