Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Арыу 2015.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
151.55 Кб
Скачать
    1. Объектке-бағдарланған проектлестириўдиң case-қураллары методологиясы

Объектке-қаратылған бағдарда объектли моделдиң тийкарғы категориясы класслар, мағлыўматлар менен опреациялардың әпиуайы дәрежесин бириктиреди, бирақ компонентлер механизми арқалы шешилетуғын, система қурамалылығын басып өтиў мәселеси бар.Процесслер менен салыстырылатуғын мағлыўматлар анағурлым турақлы ҳәм салыстырмалы тәризде жүдә сийрек өзгериўши бөлим. Буннан объектке-қарата бағдарланған усылдың жетискенлиги анықламасы келтирилсе болады, яғный объектке-қарата бағдарланған системалар турақлы формалар менен қуралады ҳәм өзгериске бейимлесиўи қолайлы кешеди.Демек бунда система избе из тәртипте раўажланып барады ҳәм дәслепки шәртлер өзгериси бақлансада толық қайта тиклеў мүмкиншилиги талап етилмейди.

Объектке-қаратылған усылдың кемшилиги ПТ базы функциялары өнимдарлығының пәсейиўи ҳәм басланғыш ғәрежетлердиң жүдә жоқары болыўы. Объектли декомпозиция функционаллықтан сезилерли дәрежеде өзгешеленеди, сонлықтан жаңа технологияға аўысыў психологиялық қыйыншылықты ҳәм қосымша финанслық шығынларды жеңип өтиў дегенди аңлатады. Дурыс, объектке-қарата бағдарлаў одели ҳақықый дүньяны адекват тәризде белгилейди, яғный өз-ара байланыслы объектлер жыйындысы ретинде қаралады. Бирақ әмелиятта,объектке-бағдарланған моделлестириў ушын UML стандарт тили қәлиплескен.

Структуралы усылдан объектке қарата аўысыў, барлық технологиялардағы алмасыў сыяқлы, қосымша ғәрежетлерди ҳәм жаңа инструментал қуралларды талап етеди.Бундай шәртлер базы шөлкемлер ушын кери тәсир етиўиде мүмкин.Себеби объектке-қарата бағдарлаў моментал нәтийжени бере алмайды. Оның нәтийжеси еки-үш проектти ислеп шыққанан соң ҳәм компонентлердиң қайталап қолланылыўы есабынан әмелге асады.

Айқын жағдайдан бири бул, конкрет проекте қурамалы системаны еки усыл менен декомпозициялаў мүмкин емес. Декомпозицияны қандай да бир усылдан баслаў тийис ҳәм бунда алынған нәтийжелерди қоллана отырып, система басқа қарас пенен қаралады.

Өз-ара байланыстың тийкары бул еки усылдың бир қатар категориялары менен түсиниклериниң улыўмалығы (процесс ҳәм қолланыў варианты, махмуны ҳәм класс) болып есапланады. Солай екен,структуралы анализди объектке-қарата бағдарлаў усылының мүмкин усылы сыпатында қолланыў CASE-қураллар есабынан мақсетке муўапық. Мағлыўматлар ағымы тек предметлик областты көрсетип қалмастан, ал ПТ системасында көрсетиў имканиятына ийе, ҳәм усы аралыққа шекем структуралы анализ даўамланады. Структуралы анализ ҳәи диаграммалар ағымы дүзилиси орынланғаннан соң мағлыўматлар структурасы ҳәм нәтийжелер анализи менен биргеликте класс ҳәм объектлерди анықлаўға кирисиледи. Солай екен, егер қандай да бир бөлек диаграмманы алсақ, объектлер кандидатлары сыртқы қурамлар ямаса мағлыўматларды топлаўшылар болады,ал класслардың кандидатлары-мағлыўматлар ағымы.Өз ара байланыстың жүзеге келиўиниң басқа формасы объектли ҳәм реляцион технологияның интеграциясы болып саналады. Реляцион МББС бүгинги күнде ири масштаблы мағлыўматлар базасы менен мағлыўматларды сақлаўшы тийкарғы қурал.Себеби: реляцион технологияның қолланылыўы узақ даўамланып келмекте, пайдаланыўшылар саны менен ислеп шығарыўшылар тәрепинен тереңнен ийеленген,санаат стандарты сыпатында, оған сезилерли жоқары дәрежедеги қаржылар ажыратылған ҳәм оның негизинде ҳәр қыйлы тараўларда корпоратив мағлыўматлар базасы жаратылған, реляцион модель дүзилиси әпиуайы ҳәм математикалық тийкарламасы анық. Нәтийжеде реляцион МБ тийкарынан объектли-реляцион системаларда объектлерди излеў ҳәм сақлаў ушын қолланылады. Объектке-қарата роектлеў бағдары реляцион проектлеў менен анық сәйкесликке ийе. Мысалы, бундай сәйкеслик- системаның ислеп шығарылың дәслепки этапларында-талапнамалардың дүзилиўи стадиясында белгили орынға ийе. Соңынан мақсетлер объектке-қарата проектлеўге ҳәм реляцион МБ ислеп шығарыўға қаратылады.Солай екен, бундай аралықты өтеўдиң мүмкин болған қуралларының бири объекте-қарата проектлеў бағдары менен реляцион технология арасындағы сәйкесликти анықлаў болып табылады. буларда тийкарынан реляцион моделлердиң класслар диаграммасы менен «мазмун-байланыс» диаграммаларын көрсетиўге келтириледи. Структуралы ҳәм объектке-қарата бағдарлаў усылының орынланыўының мысалларының бири бул Silverrun CASE-қуралы менен Rational Rose объектке-қарата бағдарланған CASE-қурал арасындағы программалық интерфейс болып есапланады. Бул ПТ Rational Rose класслар диаграммасын Silverrun RDM-модели тийкарында ҳәм оның кери жағдайы бойынша жаратады.Бундай уқсаслықлар ERwin (бир тәрептен), Rational Rose ҳәм Paradigm Plus (басқа тәрептен ) CASE-қураллары арасында орынланады. .

1.6 Структуралы проектлеўдиң CASE-қураллар методологиясы

Структуралы усылда информацион системалар автоматластырылған функцияларға бөлистириў есабынан әмелге асады. Автоматластырылған системалар, функционал подсистемаларға ажыратылып, олар өз нәўбетинде мәселе ҳәм басқа шәртлерге ажыратылатуғын функция бөлимлерине ажыратылады. Бөлистириў процессии анық әмеллерге шекем даўамланады.Бундай жағдайда автоматластырылатуғын система барлық компонентлери өз-ара байланысқан улыўмалық көринисин сақлап қалады. Системаның «төменнен-жоқарыға» қарай бағдарында бөлек мәселеден пүтин системаға бағдары өз пүтинлигин жоғалтады,бөлек компонентлердиң информацион биригиўинде мәселелер пайда болады. Структуралы усылдың кеңнен тарқалған методологиясы улыўмалық принциплерге тийкарланады. Тийкарғы принциплер ретинде төмендегилер қолланылады:

- декомпозиция принципи- қурамалы мәселелерди шешим ушын қолайлы болған бөлимлерге ажыратыў;

- иерархик тәртиплестириў принципи-қурамлы бөлеклерди иерархик терек усылында ҳәр бир дәрежеге жаңа деталларды қосыў түринде дүзиў;

- абстаргирлестириў принципи- системаның анық аспекьлерин анық емес аспектлеринен айрып билиў;

- формализация принципи- мәселе шешими ушын анық методологик усылды таңлаў;

- сәйкеслик принципи- система элементлерин сәйкеслентирген тәризде пайдаланыў;

- мағлыўматларды структураластырыў принципи- яғный мағлыўматлар структарластырылған ҳәм иерархик тәртиптеги дүзилиске ийе болыўы;

Структарлы анализде тийкарынан еки группа қолланылады; система тәрепинен орынланатуғын иллюстрациялаўшы функциялар ҳәм мағлыўматлар арасындағы қатнаслар.

Ҳәр бир группаға белгиленген моделлер туўра келип олардан кеңнен таралғаны төмендегилер:

-SADT (Structured Analysis and Design Technique)моделлер ҳәм сәйкес функционад диаграммалар

- DFD (Data Flow Diagrams) мағлыўматлар ағымы диаграммалары;

- ERD (Entity-Relationship Diagrams) «мазмун-байланыс» диаграммалары .

Информацион системаны проектлестириў стадиясында моделлер қурамаласады, программалық тәмийнат архитектурасы ҳәм структарасын көрсетиўши, программалардың структуралық схемаларын ҳәм экранлық форма диаграммаларын белгилеўши диаграммалар анықланады ҳәм қосылады. Булл моделлер ИС көрсетеди. Ҳәр бир жағдайда диаграммалар қурамы системаның толықлы есабына байланыслы болып табылады.

Соседние файлы в папке Referat