Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Даулетбаева Зияда.doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
178.69 Кб
Скачать

1.2 Кәрхананың қысқаша түсиндирмеси оның мақсети ҳәм мәселелери («Мультикабельные сети ).

Компания физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын тармақ хызметлерин усынады. Компания ҳәрекети мәмлекетлик лицензия менен алып барылады.

- кабель байланысын әмелге асырыў;

- мағлыўматларды узатыў хызметин усыныў;

- телематик байланыс хызметлери;

Компания телекоммуникацион хызметлер, интернет хызметин, кабель телевидение, даўыс мағлыўматларын узатыў хызметлери менен шуғылланады.

Барлық хызметкерлер белгиленген тәртип бойынша өз уазыйпаларын атқарады:

- Директор – жумысты алып барыўшы кадрлар менен тәмийинлеў, оларды қадағалаў, хызметлери бойынша жайластырыў, кәрхананың жоба экономикалық жумысын белгилеў, статистикалық есабатларды дүзиў, баҳа сисясатын жүритиў, перспектив стратегиялық мақсетлерди енгизиў менен шуғылланады.

- Коммерческий директор – сатыў стартегиясын белгилеў, компания өнимлерин жүритиў, клиентке бағдарланған сатыўды шөлкемлестириў, маркетинглик рекламалық илажларды қадағалаў менен шуғылланады. Ол хызметкерлге басшылық етиўи ҳәм ҳәр түрдеги мағлыўматлар менен ислесе билиўи тийис, финаслық ресурслар менен ўақытша ғәрежетлер жетиспеўшилиги мәселелерин шеше билиўи керек.

Техникалық сервис бойынша директор- техникалық бөлимлер жумысын қадағалайды. Шөлкем ҳәм тәмийнатшылар менен шәртнамаларды жүритеди.

Улыўма мәселелер ҳәм қәўипсизлик бойынша директор- компания қәўипсизлиги менен шуғылланыўшы қәнийге.

Бас бухгалтер –бухгалтериялық есап ҳәм хожалық-финанс хызметин шөлкемлестиреди, материаллық, мийнет ҳәм финанслық ресурслардың үнемли жумсалыәмийинлейди. Товар материал байлықларды қадағалаў, тийкарғы қураллар дизимин орнатыў,бухгалтериялық ҳүжжетлерди жүритиў, товар материал байлықлар ҳәм ақша түсимлери менен ислесиўди алып барады. Кәрхананың хожалық финанслық иалажларын , экономикалық анализ жүритиў, жоғалтыўларды шеклеў ҳәм өнимдарсыз қаржылардың жумсалыўына жол қояды.

Орайлық станция бөлими- кабель телевидение қәнийгелеринен ибарат.

Кадрлар бөлими- баслық басшылығында, кадрлар бойынша менеджерден ибарат.

Логистика бөлими- логист ҳәм склад персоналынан ибарат.Бөлим уазыйпасы- мониторинг ҳәм модернизация ушын қурылмаларды сатып алыў.

- Жалғаў бөлимлери- жалғаўшы техниклерден ибарат.

- Маркетинг бөлими- Компания бренди менен шуғылланады.Хызметлерди усыныўды кеңейтиўди тәмийинлейди.

Сатыў бөлими-сатыў менеджерлеринен ибарат. Мәселеси, потенциал клиентлер менен ислесиў, шәртнамаларды дүзиў.

Административ хожалық бөлими-клиринг персонал ҳәм айдаўшылар бөлими.

Абонент бөлим-техникалық тәмийнат пенен шуғылланады.Клиентлер менен ислеседи.

Экономикалық бөлим-компанияның төлемлери менен шуғылланыўшы бөлим.

Бухгалтерия- ис ҳақы, ис ҳақыны есаплаў ҳәм материал бойынша қәнийгелерден ибарат.

Кәрхананың барлық ҳәрекети структуралық бөлимлер басшылары менен өз ара байланыс арқалы әмелге асады.

Бүгинги күнде коллективлердиң тийкарғы итибары байланыс сапасын арттырыўға, абонентлерге хызмет етиў, тармақ инфраструктурасын жетилистириў, қосымша хызметлерди кеңейтиўге бағдарланған.

Компания 2004 жылы шөлкемлестирилген ҳәм бүгинги күнде кабеллик телевидение, мағлыўматларды узатыў ҳәм Интернетке байланысыўды тәмийинлеўши оператор сыпатында ҳәрекетте.Ол қурамы бойынша холдинглик компания.Топарға кириўши барлық операторлар, кең полосалы интерактив кабель тармағын усынады ҳәм кабель телевидение, интернетке жалғаныў хызметлери менен шуғылланады.

2005 жылы ноябрьде Омскте оптик-талшықлы байланыс линиясынан ибарат «ҳәр бир жерде оптик талшық» технологиясы бойынша кең полосалы тармақ қурылысы басланды.Бул технология бүгинде дүнья жүзиндеги ең жетилискен технология.

2006 жылы декабрде кабель телевидениеге биринши болып абонент жалғанды.2007 жылы компания, ООО «Омские Телекоммуникации» ҳәм ООО «Интели» операторларының акцияларын сатып алады. Нәтийжеде үш компанияның биригиў процесси жүзеге келеди.

Бүгинги күнде компания «Мультикабельные сети» компаниясы кабель телевидение хызметлери менен Интернет хызметлерин усынбақта. Келешекте, қосымша хызметлерди жалғаў нәзерге алынбақта: коммунал-хожалықлар мониторинги, өрт-қөўипсизлиги сигнализация системалары тармақларын орнатыў, айрықша жағдайларда халықты хабарландырыў тармағы, видеоконференцияларды шөлкемлестириў

Компания хызметлери

Соседние файлы в папке Referat