Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Даулетбаева Зияда.doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
178.69 Кб
Скачать

1.3 Бизнес жобаластырыўға экономикалық тийкарлама жаратыў

Капитал қойылмалардың нәтийжелилик көрсеткишлерине төмендегилер киреди:

- NPV- инвестицион проекттиң ҳақықый ағымдағы баҳасы ямаса ҳақықый дисконтланған дәрамат

- IRR- пайдалалықтың ишки нормасы ( дәраматлылық, рентабеллик) ямаса (ВНД)

- DP өтеўдиң дисконтланған мүддети

- PI пайда индекси

Бул көрсеткишлер еки вариантта қолланылады.

- инвестицион проектлердиң нәтийжелилигин анықлаў ушын: проектти қабыллаў ямаса қабылламаў

- альтернативалар ишинен сәйкес проектти таңлаўда.

Тәўекелшилик шәрти бойынша инвестицион проект нәтийжелилигин анализлеў методы.

Ҳақықый көрсеткишлер методы(NPV - метод).

Ҳақықый келтирилген баҳа, анық дисконт дәрамат, анық нәтийже. NPV, Net Present Value (анық ағымдағы баҳа)- проект ямаса инвестиция бойынша ақшалай түсимлер менен инвестицияны алыў ямаса проектти финансластырыў арасындағы айырма, дисконттың фиксацияланған ставкасы бойынша есаланады.

Ҳақықый баҳа методы NPV :

- ғәрежетлердиң ағымдағы баҳасы белгиленеди яғный проект ушын қанша муғдардағы инвестиция резервлестирилиўи керек.

- проекттен келип түсетуғын келеси дәўир түсимлериниң баҳасы есапланады.

Есаплаў нәтийжелериниң көрсетиўинше, егер дәраматлар ставкасы барьер ставкаға тең болғанда ( инвесторлар ушын альтернатив дәраматлылық ставкасы, ал кәрханалар ушын улыўма капитал баҳасы ямаса тәўекелшилик арқалы ) мақсетли дәраматларды алыў ушын қанша муғдардағы қаржыны қойыў тийис. Дәраматлардың ағымдағы баҳасын барлық жыллар бойынша улыўмаластырсақ, проект дәраматының ағымдағы баҳасы алынады (PV).

2. Инвестицион ғәрежетлердиң ағымдағы баҳасы (Io) дәраматлардың ағымдағы баҳасы менен салыстырылады. Олар арасындағы айырма дәраматлардың анық баҳасын қурайды (NPV):

NPV = PV - Io; (2)

NPV ның көрсетиўинше, егер бул көрсеткиш 0 ден үлкен болса, онда инвестиция кәрхана ушын утымлы келеди, ал көрсеткиш 0 ден киши болса,онда усынылған инвестицияға қаратылған дәраматлар жетерли дәрежеде емес. Егер дәрамат инвестиция ушын туўра келмесе, инвестицион мемарандум бийкарланады

Анық ағымдағы баҳа (NPV) тийкарғы көрсеткишлер сыпатында, инвестицион анализде қолланылады, бирақ оның бир қанша кемшилиги де бар яғный ол инвестициялық баҳалаўдың бирден бир қуралы бола алмайды. NPV инвестициялық қайтымның абсолют мәнисин белгилейди, сонлықтан инвестиция қаншелли жоқары болса, онда ағымдағы анық баҳа соншелли жоқары болады. Буннан, булл көрсеткиш бойынша ҳәр қыйлы өлшемдеги бир неше инвестицияны салыстырыў мүмкин емес

Соның менен бирге, NPV инвестицияның өтелиў дәўиринде анықламайды. Егер проекттиң әмелге асыўы менен байланыслы болған, капитал қойылмалар бир неше этапларда орынланса , онда NPV көрсеткишиниң есапланаўы төмендеги формулада белгиленеди.

Бунда CFt – t ўақыт аралығындағы ақша қаржыларының ағымы;

It – t- дәўирдеги инвестиция суммасы (ғәрежетлер);

r - барьер ставка (дисконтластырыў ставкасы);

n - t = 1, 2,…, n (ямаса инвестицияның ҳәрекетленген ўақты) дәўирлериниң суммар саны.

Әдетте CFt ушын t көрсеткиши 1 ден n аралықта белгиленеди; егер CFо > 0 болса онда қаржылар инвестициясына тийисли (мысал: экологиялық дәстүрге ажыратылған қаржылар).

Методтың әмели:

1 Адым . Кирис ҳәм шығыс ақша ағымының мәниси өз ўақтында анықланыўы.

2. Адым. Ақша ағымы элементлериниң барлық дисконтланған мәнислери қосылады, ҳәм критериялар анықланады (NPV).

3. Адым. Шешимниң қабылланыўы .

Бөлек проетлерде: егер NPV 0 болса, онда проект нәтийжели;

Бир неше альтернатив проектлер ушын: егер NPV мәниси үлкен болса, онда усы шамалар үлкен болған проект таңланады, егер ол оң шамада болса.

Кириўши ақша ағымы:

- қосымша сатыў көлеми ҳәм товар баҳаларын арттырыў ;

- жәми ғәрежетлерди төменлетиў (товарлардың өзине түсер баҳаларын төменлетиў).

- ең соңғы инвестицион проекттеги қурылманың қалдық баҳасының көрсеткиши ( бунда қурылма сатылыўы ямаса басқа проект ушын қолланылыўы мүмкин).

- соңғы инвестицион проект ақырында айланыс қаржыларын алып таслаў ( дебиторлар счетын жабыў, товар-материал запаслары қалдығын сатыў, акцияларды ҳәм басқа қымбат баҳалы қағазларды сатыў).

Шығыўшы ақша ағымы:

- инвестицион проекттиң дәслепки жылларындағы дәслепки инвестициялар

- инвестицион проекттиң биринши жылында айланыс қаржыларына талабты арттырыў ( клиентлерди тартыў ушын дебиторлар счетын арттырыў, өндиристи баслаў ушын қурам бөлеклерди ҳәм шийки затты сатып алыў).

- қурылмаларды оңлаў ҳәм техник хызмет көрсетиў.

- қоысша өндирислик емес қаржылар

Инвестицияның мақсеке муўапықлығын баҳалаўда дискон ставка қатаң тәртипте орнатылады яғный пайда нормасын характерлеўши, процент ставка, инвестордың жыллық дәраматы бойынша салыстырмалы көрсеткиш.

Пайдалылықтың ишки нормасының методы.

Анықламасы бойынша, пайдалылықтың ишки нормасы (дәраматлылық) Internal Rate of Return, IRR-бул дисконттың сондай көрсеткиши, онда инвестиция көрсеткиши, инвестиция есабынан қәлиплесетуғын ақшалай қаржылар көрсеткишине тең ямаса дисконт көрсеткиши мәниси, бунда инвестицион қойылманың анық көрсеткишиниң нолик мәниси тәмийинленеди.

IRR, Internal Rate of Return (дәраматлылықтың ишки нормасы) – булл пайда нормасы (барьер ставка ямаса дисконтластырыў ставкас) бунда инвестицияның NPV Net Present Value шәрти (анық ағымдағы баҳа) нольге тең, яғный проекттен алынған дисконтланған дәрамат инвестицион ғәрежетлерге тең.

IRR, Internal Rate of Return (дәраматлылықтың ишки нормасы) дисконтластырыўдың максимал қолайлы ставкасын белгилейди, бунда қаржыларды инвестициялаў жоғалтыўсыз орынланады.

IRR = r, бунда NPV = f(r) = 0,

Оның шамасы төмендеги теңлемеде анықланады.

Бунда CFt - t аралықтағы ақшалай қаржылардың ағымы ;

It – t дәўирдеги инвестиция (ғәрежетлер) ;

n - t = 0, 1, 2,…, n дәўирдиң қосындысы (интервал, аралықлар)

Бул көрсеткиштиң мәниси соннан ибарат, яғный ол күтилетуғын дәрамат муғдарын көрсетеди ( инвестиция рентабеллиги) ямаса баҳаланып атырған проекте инвестицион ғәрежетлердиң максимал мүмкин дәрежеси. IRR инвестицион ресурслардың салыстырмалы орташа баҳасынан жоқары болыўы керек. Егер булл шәртлер қабылланса яғный мақсетке туўра келсе, проект қабыл етиледи, кери жағдайда бийкарланады.

Дәраматлылықтың ишки муғдары көрсеткиши инвестиция рентабеллигин анықлап қалмастан, ҳәр қыйлы масштабтағы проектлерди салыстырыў мүмкиншилигин де тәмийинлейди.

Инвестиция нәтийжелилигиниң дәраматлылықтың ишки муғдары көрсеткиши үш кемшиликке ийе (IRR):

1) Оң шамадағы ақша ағымы, дәраматлылықтың ишки муғдарына тең, ставка бойынша реинвестицияланады. Егер IRR фирманың реинвестиция дәрежесине жақын болса, бундай мәселе жүзеге келмейди: егер IRR, қызығыўшылықты арттырыўшы инвестицияда 80 % туўра келсе, онда барлық ақша түсимлери 80% муғдарда реинвестицияланыўы тийис. Бирақ кәрхана ҳәр жылы 80 % рентабелликти тәмийинлеўши инвестициялық мүмкиншиликке ийе болыўы мүмкин емес. Булл жағдайда дәраматлылықтың ишки муғдары инвестиция шамасынан артады (MIRR көрсеткишинде, Modified Internal Rate of Return (дәраматлылықтың модификацияланған ишки муғдары) демек булл мәселе шеклетиледи).

2) абсолют шамаларда инвестиция қанша муғдарда ақшаны алып келиўин анықлаў мүмкин емес.

3) белгилери өзгериўщең ақша ағымларында IRR диң бир неше шамалары есапланыўы мүмкин ямаса натуўры мәнис анықланады.

Пайдалылық индексиниң методлары.

Капитал ғәрежетлердиң абсолют нәтийжелилиги кәрхана қайтымы көрсеткишлерин белгилейди (нәтийжелилик). Оның есабы белгиленген ўақыт аралығында ҳақықый инвестицияның нәтийжелилигин ҳәм күтилетуғын нәтийжелиликти баҳалаў ушын зәрүр.

Инвестицияның абсолют нәтийжелилигин анықлаў бойынша, еки көрсеткиш қолланылады. Биринши туўры –экономикалық нәтийжелилик коэффициенти (пайдалылық). Екиншиси кери,- өтеўдиң дисконтланған дәўири.

Инвестиция (РI) пайдалылығы (рентабеллиги) индексин есаплаў методы төмендегише формулада анықланады:

PI = 1 + NPV / IC, (5)

бунда, IC – дисконтланған инвестиция суммасы

Айқын жағдай, егер:

PI>1, болса, онда проект қабылланыўы тийис;

PI<1, болса, проект бийкарланады;

PI=1, болса, проект пайдалыда емес, зыянлы да емес.

Анық көрсеткиштен өзгеше болған пайдалылық индекси, салыстырмалы көрсеткиш болып есапланады. Ол альтернатив проектлер ишинен NPV шамалары бирдей мәнистеги бир проектти таңлаў мүмкиншилигин тәмийинлейди.

Инвестиция нәтийжелилигин баҳалаў.

Дисконтлаў- келеси дәўирге тийисли ақша ағымлары баҳасын анықлаў (ҳәзирги дәўирде келеси ғәрежетлер).

Дисконтлаў ставкасы ўақыт факторы менен тәўекелшиликти есапқа алған ҳалда ақша қунын белгилейди.

Ўақыт – қәлеген проекттиң бизнес жобада көрсетилген күтилетуғын пайдасы ямаса ғәрежетлердиң критик факторы, себеби ҳәрекеттеги дәўир ишинде алынған ғәрежет, келеси дәўирде алынатуғын ақшаға салыстырғанда артықмашылыққа ийе: ақша процент ямаса дәраматты келтиреди ямаса топланады яки қойылады.

Экономикалық көз қарас бойынша дисконт ставка-инвестор талап ететуғын, орнатылған капитал қойылма дәраматлылығы.Яғный дисконт ставка келешекте дәрамат алыў ушын төлеў керек болған сумманы анықлайды. Сонлықтан дисконт ставка шамасы бойынша инвестицион проект таңланады ямаса тийкарғы шешимлер қабылланады.

Әмелиятта дисконт ставканы анықлаў усылларынан кеңнен тарқалғаны, баҳалаўдың кумулятив методы. Буннан:

- егер инвестиция тәўекелсиз болғанда, инвесторлар өз капиталы ушын тәўекелсиз дәраматты талап еткен болар еди (яғный тәўекелсиз активлерге қойылған дәрамат муғдарына сәйкес дәрамат нормасын).

- проект тәўекелшилиги инвестор тәрепинен қаншелли жоқары баҳаланса, ол дәрамат ушын жоқары талапларды орнатады.

Бундай болжамлардан келип шығатуғын болсақ, дисконт ставканы есаплаўда, «тәўекелшилик ушын артықмашылықты» есапқа алыў керек. Соған бола, дисконт ставканы есаплаў формуласы төмендегише:

R = Rf + R1 +… + Rn, (6)

буннан R – дисконт ставка;

Rf – дәраматтың тәўекелсиз;

R1 +… + Rn – тәўекелшиликтиң ҳәр қыйлы факторы бойынша тәўекелшилик сыйлығы.

Өтелиў дәўири методы.

Өтелиў мүддети (Payback Period, PP) – бунда, инвестиция дәраматлары, дәслепки қойылмаларға теңлеседи (яғный, проект ушын қойылған қаржылар, толығы менен қайтарылатуғын дәўир).

Анық баҳа (NPV) менен дәраматлылықтың ишки муғдары есабынан (IRR) инвестицияны баҳалаў инструменти қәлиплеседи.

Инвестицияны өтеў дәўири-дәслепки ғәрежетлерди жабыў ушын жумсалатуғын ўақыт.

Инвестицияның өтелиў дәўирин есаплаў формуласы төмендегише

Буннан ТОК – инвестицияны өтеў мүддети;

n – дәўирлер саны ;

CFt –t дәўиринде ақша қаржыларының ;

Io –Бастағы дәўирде инвестициялардың дәслепки көрсеткишлери. Орнатылған мақсетке байланыслы тәризде инвестицияның өтелиў мүддетин есаплаў мүмкин. Әмелиятта дәслепки дәўирлерде ақша қаржылардың отток ағымы болады, сонда формуланың оң тәрепинед, Io орнына ақша оттогиниң ақшалай суммасы қойылады.

Зыянсыз ноқат.

Зыянсыз ноқат- фирма пайда алмай ақ өз ғәрежетлерин жаба алыўды тәмийинлеўши ҳәм сатыў көлемин белгилеўши. Соның менен бирге, сатыў артыўы менен пайда да артып отырады.

Зыянсыз ноқатты анықлаўда ғәрежетлер еки қурамға бөлинеди:

Өзгериўши ғәрежетлер- өндиристиң артыўында пропорционал артады ( товардың сатылыў көлеминде).

Турақлы ғәрежетлер- өндирилген өнимге байланыслы емес (сатылған өнимге).

Бүгинги күнде информацион хызметтен пайдаланыў күн сайын артпақта. Демек телекоммуникация тараўы менен шуғылланыўшы фирмалар массалық дәрежеде пайда болады. Бундай компаниялардың хызметлерин: интернет тармағына байланысты тәмийинлеў, кабель телевидениесин орнатыў, телефон байланыслары киреди.

Бундай кәрханаларда автоматластырылған мәселелерди шешиўши ҳәм клиентлердиң есапқа алыныўын қадағалаў бойынша информацион системаларды жаратыў талабы пайда болады. Ең әҳмийетли фактор кәрхананың бизнес процессин бақлаў ҳәм қайта ислеў менен шуғылланыўшы улыўма информацион системаны орнатыў болып табылады. »АРМ» автоматластырылған жумыс орны белгили бир түрдеги хызметти автоматластырыў ушын арналған.

Бул жумыстың әҳмийетлилиги сонда, қаралып атырған областты терең үйрениў ҳәм бизнес-процесслерди моделлестириўде кәсиплик көнликпелерди алыў.

Бизнес-процесс- логикалық, избе-из, өз-ара байланысқан илажлар қурамы, бунда ресурслар пайдаланылып, байлық жаратылады ҳәм нәтийже тутыныўшыларға усынылады.

Бизнес процесслерди шөлкемлестириўдиң бирден бир себеби, ғәрежетлерди қысқартыў ҳәм өндирислик циклдиң даўамлылығын тәмийинлеў, тутыныўшы ҳәм мәмлекет ушын орнатылатуғын талапларды белгилеў, сапаны басқарыў программасын енгизиў, шөлкем ишиндеги қарама-қарсылықларды жолға қойыў ушын орынланады.

Бүгинги күнде компьютер технологиялары базарында арнаўлы программалар жаратылып олар , кәрхананы изертлеў ҳәм моделин жаратыў имканиятын береди. Соның менен бирге, кәрхананың изертлениўин тәмийинлеўши ҳәм оның моделин дүзиўши, инструменталлар қураллар ҳәм методологияларда бар.Олардың тийкарғы артықмашылығы әпиуайы тәртипте үйрениледи ҳәм ийеленеди. Булл жумыста «Computer Associates BPwin» 4 версиясының инструментал қурамы таңланған.

Жумыс мақсети, телекоммуникацион хызмет пенен шуғылланыўшы «Мультикабельные сети»,кәрханасы ушын бизнес-процессти моделлестириў ҳәм техникалық шәртлерин қәлиплестириў.

Проекттиң мәселеси

- предметлик областта изертлеў өткериў;

- ҳәрекетлениў моделин жаратыў;

- «қандай болыўы керек» шәртинде кәрхана хызметиниң моделин жаратыў;

- техникалық шәртлерди қәлиплестириў.

Бизнес процессти моделлестириў-кәрхана хызметин анализлеп қоймастан, ол сыртқы шөлкемлер менен , буйыртпашы ҳәм тәмийнатшылар менен байланыстың орнатылыҳәм шөлкемлестирилиўин орынлайды.

Предметлик областты изертлеў

Автоматластырылған информацион система, клиентлерге хызмет етиў сапасын арттырыў ҳәм оларға хызмет етиўди жоқарылатыў, административ персоналлар менен ислесиў, клиентлер менен сервислик хызметлерди жүритиў ушын зәрүр.

Тийкарғы бағдар , физикалық ҳәм копоративлик секторлар ушын байланыс хызметин усыныў.

Фирма барлық мүмкин болған тәмийнатшылар, буйырпашылар, салық инспекциясы, транспорт компаниялары менен өз-ара бирге ислеседи. Егер зәрүр болса, реклама агентликлери ҳәм ғалаба хабар қуралларын пайдаланыўыда мүмкин.

Операциялар есабы, шәртнамалар бойынша бақлаў кәрханаың информацион системасы менен тәмийинленеди .

Қадағалаў кәрхана басшылары ҳәм мониторинг хызмети менен орынланады. Есабатлар информацион система жәрдеми менен дүзиледи.

Компанияда мағлыўматлар қағаз ҳүжжетлери менен алмасылады ( бухгалтериялық ҳәм салық есабаты, шәртнамалар, техникалық тапсырмалар).Тәмийнатшылардан келген мағлыўматлар- баҳалар дизими ҳәм қурылмалар электрон тәртипте жөнетиледи.

Мағлыўматлардың көпшилик бөлеги қағаз ҳүжжетлерде бериледи ҳәм сақланады (бухгалтериялық ҳәм салық есабаты, шәртнамалар, техникалық шәртлер).Тәмийнатшыдан келген мағлыўматлар- баҳалар дизими ҳәм қурылмалар электрон книсте бериледи.

Хызметкерлердиң штат бирлиги, филиал директоры, техникалық хызмет көрсетиў бойынша директор, техникалық хызмет көрсетиў бойынша директор орынбасары,улыўма мәселелер ҳәм қәўипсизлик бойынша директор, сервис хызметлер баслығы, бас станция бөлиминиң баслығы, бас станция инженери, экплуатация бөлими, бухгалтер, экономикалық хызметкерлер, сатыў бөлими, шәртнамалар бөлими, маркетин бөлими, байланыслар бөлими, абонент хызмет, шөлкем подряды.

Автоматластырылған информацион система н абонетлерге хызмет көрсетиўди жақсылаў ҳәм сапасын арттырыў ушын зәрүр. Кәрхана жумысын шөлкемлестириўде тек тийкарғы қурам ғана емес ал компания тәрепинен қолланылатуғын программалық өнимлерде информацион системаның нәтийжели жүритилиўин тәмийинлейди. Linux (Ubunta, FreeBSD), Microsoft (OC, Office), 7zip ҳ.т.б.

Соседние файлы в папке Referat