Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Жорабеков Т.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
186.88 Кб
Скачать

Объектлердиң өз-ара ҳәрекетлениў диаграммасы (interaction diagram)

Ҳәр бир пайдаланыў прецедентине объектлердиң динамикалық өз-ара ҳәрекет модели дүзиледи

•     бағанадағы ҳәрекетлердиң избе-излигин көрсетиўши избе-из формадағы диаграммалар (sequence diagram;

•     кооператив форма диаграммасы формасында (collaboration diagram), объектлердиң өз-ара байланысын таблицалы формада.

•     Объектлердиң өз-ара ҳәрекетиниң избе-излик диаграммасы ,бир объекттен екинши объектке қаратылған хабар ямаса жағдайларға сәйкес объектлер арасында стрелка түринде бериледи. Стрелка номери избе изликтеги жағдай номерине сәйкес келеди.

Кооператив белгидеги диаграмма төмендеги қағыйдалар бойынша таблица түринде бериледи

1. Бағаналарда пайдаланыў прецеденти орынланыўында қатнасатуғын объектлердиң барлық типип бериледи. Актив ҳәм пассив объектлердиң жайласыўы еркли ҳәм модель ушын түсиникли тәризде жайласыўы керек. Пайдаланыў прецеденти актерлары таблицаның оң ҳәм шеп шегараларыда белгиленеди.

2.       Горизонтал бойынша бир операция шегарасындағы объектлердиң өз-ара ҳәрекетин көрсетиўши, белгиленген стрелкалар көрсетиледи.Демек стрелка биринши объект екинши объектке қарата ҳәркеттиң орынланыў кереклиги ҳаққында хабар береди. Хабарды ала отырып екинши объект ҳәрекетти орынлайды

3. Қатар ҳәм бағаналардың кесилисиўинде, ҳәрекет орынланған ўақыттың шәртли аралығы бериледи.

Диаграмма деятельностей

Ɵз-ара ҳәрекетлер диграммасы шақаланыў бөлегинде, цикллик қайталаўлар, ҳәркетлердиң параллелиги ерклиги бөлеклериндеги опреациялардың орынланыў тәртибин деталлы тәризде көрсетпейди. Ҳәрекетлер диаграммасы бундай кемшиликлерди дүзетеди. Ҳәрекет дегенимизде ҳәрекетлердиң жыйындысына декомпозицияланыўшы, базы ислерди келтириўимизге болады.

Ҳәрекетлер диаграммасы объектлердиң стандарт ямаса альтернатив тәртипте орынланыўын көрсетеди.

Пакетлер диаграммасы

Объектке-қарата бағдарланған усылда пакет өз-ара байланысқан объектлер классы көплигинен ибарат. Бир пайдаланыў прецеденти ҳәр қыйлы пакетлерден объектлер класын талап етеди. Объектлер классы әдетте бир пакетке белгиленеди, бирақ мақсетке ерисиў позициясына бола ҳәр қыйлы пакетлер қурамына кириўи мүмкин.

Компонент ҳәм орналасыўлар диаграммасы

Компонентлер диаграммасы объектлердиң программалық кодына сәйкес прогрмаммалық компонентлерди көрсетеди. Бир компонент объектлер класының бир пакетиниң программалық кодына сәйкес келеди. Компонент өз қурамында объектлердиң интерфейс класына ийе, ол арқалы компонент объектиниң басқа классларына доступ тәмийинленеди. Интерфейслер жәрдеминде басқа компонентлер объекти қаралып атырған компоненттиң конкрет объектине қаратылады. Солай етип, компонентлердиң өз-ара ҳәрекети қәлиплесип, бир компоненттен екиншиге доступ болыўда компонент структурасы талап етилмейди. Тек запросларды трансляциялаўшы интерфейс классы запросларды компонентке трансляциялайды. Компонентлерде бир неше интерфейс болыўы мүмкин.

Эис прототип проектлестириў (rad-технология)

Корпоратив информацион системалардың клиент сервер бағдары бойынша ислегенликтен қолланбалар клиент ҳәм серверлик тәреплердиң параллелиги тийкарында орынланады. бирақ бундай ҳәрекет қурамалы пенен шөлкемлескенликтен ИС тиң мақсети кем ғәрежет есабынан жоқары сапалы таяр қолланба алыў.

ИС жаратыўда оның жоқары сапалы көринисин тәмийинлеў ушын интерактив системаны ислеп шығарыў процессине ақырғы пайдаланыўшыларды қамтыў шәрти прототип проектлестириў методологиясына киритилген. Булл методология ядросы RAD(Rapid Application Development) қолланбаларын тезлестирип ислеп шығыў болып есапланады .

Информацион системаларды жеке тәризде ислеп шығыў тараўы ақырғы пайдаланыўшылар ушын шекленген. Бундай вариант тек информацион характердеги әпиуайы мәселелерди шешиўде ғана ислетиледи. Қурамалы ИС ислеп шығыўда пайдаланыўшылар проектировщиклер менен биргеликте ислеп шығарыў периодының даўамында ислесиў керек. Бундай тәризде системалардың жаратылыўына прототип проектлеў технологиясы жүдә қолай келеди. Бул технология дәслепки стадияларда ақ моделдиң прототип системасының интерактив моделин жарата отырып келешектеги системаны пайдаланыўшыға көргизбели тәризбе усыныў имканиятына ийе.

Объектли-бағдарланған,қурамлы ҳәм визуал дәстүрлеў.

Объектли-бағдарланған программаластырыў (ООП) –бул,уқсас мәселелерди классқа бириктириў ушын ислеп шығарыўшыға имканият бериўши кодластырыў усылы.Солай етип код DRY принципи бойынша сәйкесленип () жүритиў ушын қолайластырылады.Объектли-ориентирленген технология бул:

-дәстүрлеў технологиясы болып,бунда программалардың усынылыўы объектлердиң жыйындысы түринде бериледи,олардың ҳәр бири белгиленген класстың орынланыўы,ал класслар ийелеп қалыў принципи бойынша бойсыныў тәртибин пайда етеди.

-Класс ҳәм объектлер элементлер сыпатында алгоритмлерди емес ал конструкцияларды қолланады.

-ондағы мағлыўматлар түриниң конкрет көрсеткишлери «класс» класс экземплярлары деп аталады,ямаса объектлер ҳәм объектлер хабарларды жөнелтиў ҳәм қабыллаў арқалыөз-ара байланысады,ҳәм бунда хабар-зәрүр параметрлер қурамына ийе ҳәрекетлердиң орынланыўына запрос ал хабарлар механизми класс методлары менен сәйкес функцияларды шақырыў жәрдеминде әмелге асады.

ООД тийкарғы прнициплери менен қәсийетлери инкапсуляция,ийелеў ҳәм полиморфизм.

Класслар идеясы ООД диң тийкары болып есапланады ҳәм ҳақықый дүньяның объектлериниң дүзилисин көрсетеди,себеби ҳәр бир предмет ямаса процесс характеристикалар қурамына ямаса өзгешеликке ийе басқа сөз бенен айтқанда қәсийетлери ҳәм белгилерге ийе.Класс- Структурасы ҳәм белгилери бойынша улыўмалық байланысқа ийе,объектлер көплигин көрсетиў.Класс ишки ҳәм сыртқы тәреплер бойынша көрсетиледи (интерфейс ҳәм орынлаў). Интерфейс берилген класстың барлық объектлериниң абсракт белгисин көрсете отырып объекттиң сыртқы жағдайын көрсетеди,бирақ структура менен деталларды жасырады.Класстың орынланыўы бул ишки белгилер қурамы ҳәм олардың ҳәрекетлениў өзгешелиги.Объект-берилген предметлик областтағы функционал (реал ямаса абстракт) белгиге ийе предмет ямаса барлық.Бирдей объектлер ҳәрекети менен қурамы оларға улыўма болған класста белгиленеди.

Әмелий программалық қуралларды дүзиўде ОО технологиялар.

Программалық тәмийнаттың ОО проектлениўи ҳақықый системаның моделин ислеп шығыўға келтирилиўи менен дүзиледи.

Системаның модели ( ямаса қандай да бир басқа предмет ямаса қубылыс) системаны қураўшы объектлер менен олар арасындағы байланыстың формал сүўретлениўи.Система моделинде системаның қурамалылығын белгилеўши деталлар жайласады.

Система моделлери:

-Ислеп шығарылып атырған системаның дәслепки этапларында жумыс искерлигин тексереди

-система буйырпашысы менен байланыса отырып,оның системаға болған талабын анықлайды.

-Системаның өмирлик цикли даўамында ямаса оның проектлениўинде системаға өзгерис киритиў егер өзгериске зәрүр болса.

Объектли ориентирленген технологияда проектленип атырған программалық тәмийнат өз ара байланыслы болған 3 модель түринде усынылады.

объектли модель,мағлыўматлар менен байланыслы болған,системаның статик ҳәм структуралық аспектлерин көрсетеди.

-динамикалық модель,система бөлимлериниң ҳәрекетин көрсетеди.

-функционал модель,системаның искерлик процессиндеги система бөлеклериниң функционал байланысларын қарайды.

Бул моделлер системаның бир белгилер системасына бириккен системаның өз ара ортогонал үш көринисин береди.

Программалық тәмийнатты проектлеўдиң биринши этапында ислеп шығарылған ҳәм программалық тәмийнатқа киритилген моделлер проектлеўдиң келеси этапларында қолланылады ҳәм программаластырыў,отладка,тест,жүритиў ҳәм программалық өним модификациясы ушын ислетиледи.Олар система орынланатуғын программаластырыў тили менен ҳеш қандай байланыссыз орынланады.

Системаның объектли модели.Системаның объектли модели системаны қураўшы объектлер қурамын,олардың дүзилисин,қәсийетлерин ҳәм басқа объектлер менен байланысын көрсетеди.Объектли моделде система ушын әҳмийетли болған түсиниклер менен ҳақықый дүнья объектлери киритилген болыўы керек.Онда ең алды менен ислеп шығарылып атырған системаның прагматикасы көинеди.Прагматика ислеп шығарылып атырған системаның әмелий областының терминологиясын қолланыў менен түсиндириледи.

Көрилип атырған мәселе контекстинде мәниске ийе, анық белгилер менен көрсетилген түсиник,абстракция ямаса затлар.Объектлерди киритиў еки мақсетке сүйенеди

-әмелий мәселени түсиниў (мәселелер)

-Оны компьютерде орынлаў ушын тийкарларды киритиў.

Объектли моделди ислеп шығарыў мақсети бул,проектленип атырған система жыйындысына кириўши ҳәм объектлер арасындағы байланысты көрсетиўши объектлерди көрсетиў ҳәм ажыратыў болып есапланады.

Системаның барлық объектлери өзгеше болған қәсийетлерге ийе.Мысалы «алма» объекти реңи,формасы,салмағы,дәми менен ажыралады.Объектлер арасында бирдейлик қатнасын белгилеў мүмкин.Сонда бул қатнасты қанаатландырыўшы еки объект бирдей деп есапланады ҳәм бир классқа тийисли болады.

Бир класстың барлық объектлери бирдей қурамдағы қәсийетлер менен характерленеди (атрибутлар).Бирақта объектлердиң классларға биригиўи қәсийетлер қурамы менен емес ал семантикалық тәрептен анықланады.Мысалы, «Атхана» ҳәм «Ат» объектлери бирдей атрибутларға ийе болыўы мүмкин:»Баҳа» ҳәм «Жас».Бунда олар бир классқа қаратылады егер мәселеде олар товар ретинде қаралса,егер тәбийи тәризде қарасақ ҳәр қыйлы классқа жатады.

Объектлерди классқа бириктириў мәселеге абстракцияның киритилиўин тәмийинлейди ҳәм мәселе улыўмалық сыпатында қаралады.Класс усы класстың барлық объектлерине байланыслы болған өз атамасына ийе (мысалы,ат).Соның менен бирге,объектлер ушын анықланған,атрибут атамаларыда киритиледи (қәсийетлер).Бул мәнис бойынша класстың сыпатламасы структураның типии сыяқлы болады (запись).Бунда ҳәр бир объект структура экземпляры сыяқлы мәниске ийе болады (сәйкес типтиң турақлысы ямаса өзгериўшиси).

Соны айтып өтиўимиз керек,системаны проектлеўдиң бул этапы программаластырыў тилин талап етпейди.Бул этапта ҳақықый мәниске ийе объектлер қәсийети қаралады.

Объектлер қәсийети проекттиң улыўма әмелге асыў өзгешелигине байланыслы.Мысалы,Егер уникал белгиси орнатылған ҳәр бир объекттиң мағлыўматлар базасының қолланылыўы белгили болса,онда берилген этапта объектлер атрибутының санына бул белгини қосыў шәрт емес.Себеби,бундай қәсийетлерди киритсек,системаның әрынланыў мүмкиншиликлерин шеклеймиз.

Объектлер үстинде базы операцияларды орынлаў мүмкин.Мысалы:»Есап» ямаса «Ашыў» классы объектлери ушын «Тексериў», «Алыў», «Орналастырыў»,ал «Файл» классы объектлери ушын «Оқыў»,»Жабыў».

Операция-бул объектке қолланыў мүмкин болған функция (ямаса өзгеиўши).Бир класстың барлық объектлери ҳәр бир операцияның тек бир нусқасын қолланады (яғный базыбир класстың объектлер санын арттырыў жүкленген программалық кодтың санының артыўына алып келмейди).

Соседние файлы в папке Referat