Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Жорабеков Т.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
186.88 Кб
Скачать

1.3. Объектке- бағдарланған усылдың тийкарғы қурамы

Объектке- бағдарланған усылдың тийкарғы қурамына:

      унификацияланған процесс;

      моделлестириўдиң унификацияланған тили;

      проектлеў шаблонлары киреди.

Унификацияланған процесс –программалық тәмийнатты ислеп шығыў процесси, мәселениң тәртиплестирилиўин ҳәм ислеп шығарыўды шөлкемлестириў уазыйпасын тәмийинлейди. Унификацияланған процесс ПТ тың өмирлик циклин қамтый отырып, улыўмалық каркас (шаблон, скелет) кең айланалы системаны жүритиў ҳәм ислеп шығыўда қолланылыўы мүмкин.

Унификацияланған процесстиң ажыралмас бөлеги UML – объектке-қаратылған усыл тийкарында система моделиниң визуализациясы ҳәм қуралыўын анықлаў ушын диаграмма ҳәм ҳүжжетлестириў түринде жүргизиў тили.

1.4. Объектке-қарата бағдарланған усылдың артықмашылықлары

Структуралық усылдан өзгеше болған объектке- қаратылған усыл артықмашылықлары төмендегилер:

- системаны объект сыпатында көрсетиў предметлик областтың қурамлы мазмуны сыпатында бериледи.

- ҳақықый дүнья мазмуны, белигили бир жағдайларға ийе болады, сонлықтан объектке-қаратылған проектлеўде класс методлары тийкарында белгилеў әҳмийетлирек.

- объектте атрибут ҳәм методлардың биригиўи, соның менен бирге инкапсуляция ишки байланыс қурамын беккемлеп, система компонентлери арасындағы сыртқы байланысқа кем тәсир етеди. Бундай бағдар мәселе шешимин аңсатластырады:

- системаның өзгерислерге бейимлесиўи ямаса жа8а талаплардың пайда болыўы;

- өмирлик циклдиң ҳәр қыйлы стадиясында системаның жүритилиўи;

- компонентлердиң қайталанып қолланылыўы;

- объектке-қаратылған усыл параллель есаплаўларды аңсат дүзеди, себеби ҳәр бир объект характеристикалары жекке , соның есабынан автоном ҳәрекетке ерисиў мүмкин.

- Case- қураллар, объектке-қаратылған усылды қоллап қуўатлайды, объектлер ҳаққындағы мағлыўматлар тийкарында кодогенерация автоматизациясының жоқары дәрежесине ерисиўди тәмийинлейди. Case- қураллар, МБ структура генерациясы менен жақсы байланыста. Бирак бул қурам нормализация талабына жуўап бериў керек.

Информацион системаларды индустриал автомазицияланған проектлестириў.

CASE-технологиялар ҳаққында тийкарғы түсиниклер ҳәмклассификациясы.

CASE (Computer Aided System/Software Engineering) термини бираз кеңирек мәнисте қолланылады. CASE термининиң дәслепки мәниси программалық тәмийнаттың автоматизация мәселелеринде ғана қолланылған болса, бүгинги күнде оның мәниси қурамалы ИС ислеп шығыў менен байланыслы жаңаша мәнисте қолланылады.

Дәслебинде ақ  CASE-технологиялар арнаўлы қураллардың автоматизациясы ҳәм интеграциясы есабынан проектлестириўдиң структуралық методологиясындағы шеклеўлерди жоғалтыў мақсетинде ислетилген еди. Сонлықтан, CASE-технологиялар жеккелик сыпатында қаралмайды, олар сәйкес методолгияның принципиал қолланылыў мүмкиншилигин ҳәм оларды қолланыўда жоқары нәтийжелиликти тәмийинлейди. CASE-системалардың көпшилиги программалық тәмийнатты проектлестириўдиң автоматизациясына қаратылған ҳәм программалық қураллар архитектурасы, системаның динамикасы, система моделлери арасындағы байланысларды, системалық талапларды көрсетиў ушын, диаграммалық ҳәм текстлик спецификациясын қолланыўшы проектлестириўдиң ҳәм дәстүрлеўдиң объектке-қаратылған ҳәм структуралық методологиясына тийкарланған.

Соңғы ўақытлары техникалық қураллардың спецификациясы менен моделлестирилиўи мәселелерине қаратылған арнаўлы CASE-системалар пайда болмақта.

CASE-системаларға болған талап ЭИС дың анализи ҳәм талаплар спецификациясының ислеп шығарылыўының дәслепки этапларында қәлиплеседи. Себеби, дәслепки этапларда анықланған қәтелер, ислеп шығарыўдың соңғы этапында анықланғаннан әҳмийетлирек.

CASE-технологиялардың пайда болыўы дәстүрлеў методологиясы тараўындағы изертлеўлерге өзгешелик киритти. Дәстүрлеўдиң жоқары дәрежедеги программалық тилде орынланыўы, ондағы қолланылатуғын структуралық ҳәм модуллик дәстүрлеў бағдары, проектлестириў тиллери ҳәм олардың тәмийинлениў қураллары, системалық талаплар менен спецификацияның формал ҳәм формал болмаған тиллерде көрсетилиўи дәстүрлеўдиң өзгешеленген системалы усылын жаратты. Соның менен бирге буған төмендеги факторларда имкан жаратты:

•     модуллик ҳәм структуралық дәстүрлеў концепцияларын уғып алыўшы, дәстүрши ҳәм аналитиклердиң таярланыўы;

•     проектлестириў этапларын автоматизациялаўшы ҳәм нәтийжели графикалық қуралларды тәмийинлеўши, персонал ЭЕМ артыўы ҳәм кеңнен енгизилиўи;

•     проектлестириў процессин пүтин бирлик сыпатында үйрениў мақсетинде тармақ технологиясының енгизилиўи.

CASE-технологиялардың дәстүрий технологияларға салыстырғанда өзгешелиги төмендегише келтириледи:

•      автомат қадағалаўшы ҳәм генерация қураллары есабынан шығарылып атырған прораммалық қолланба сапасының жақсыланыўы;

•     ислеп шығарыў компонентлерин қайталап қоланыў мүмкиншилиги;

•    ЭИС жүритиў ҳәм адаптивлигин тәмийинлеў;

•     системаның жаратылўы ўақтын қысқартыў, бул проектлестириўдиң дәслепки стадияларында система прототипин алыўға ҳәм баҳалаўға имканият жаратады; •     орнатылған ҳүжжетлестириў арқалы, проект ҳүжжети бойынша ислеў; •     ҳақықый ўақыт бирлигинде ЭИС коллективлик тәртипте ислеў мүмкиншилиги. CASE-технологи методология шегарасындағы методлар тийкарында, графикалық нотация тийкарында инструментал орталықта қолланылатуғын, диаграммалар дүзиледи.

Методология проекттиң орынланыў этапын, проекттиң әмелге асыўын тәмийинлеўши методлардың қолланылыў қағыйдаларын белгилейди.

Метод - ЭИС компонентлерин көрсетиўши генерация техникасы ямаса әмели (мысалы, мағлыўматлар структурасын ҳәм ағымын проектлеў).

Нотация - Арнаўлы диаграммалардың графикалық символлары жәрдеминде система қурамын, мағлыўматлар элементин көрсетиў , система проектин формал ҳәм тәбийий тилде сүўретлеў.

Инструментал  CASE қураллар - ИС проектлестириў ҳәм анализи методологиясын тәмийинлеўши арнаўлы дәстүрлер.

Проекттиң мағлыўматлар базасы система ядросы - репозиторий.. Ол ўақыт бирлиги ишинде проектленип атырған ЭИС көрсетиў ушын арналған, арнаўлы мағлыўматлар базасы. Диаграмма объектлери мағлыўматлар мағлыўматы тийкарында синхронизацияланған.

Репозиторий проектленип атырған ЭИС объектлери ҳаққындағы мағлыўматларды қамтыйды ҳәм система бөлимлери олар менен мағлыўматлар алмасады. Репозиторийда төмендеги объектлер сақланады;

•    проектлеўшилер ҳәм олардың система компонентлерине байланысыў ҳуқықы;

•     шөлкемлескенлик қурам ;

•     диаграммалар;

•      диаграммалар компонентлери;

•     диаграммалар арасындағы байланыслар;

•     мағлыўматлар структурасы;

•     программалық модуллер;

•     әмеллер;

•     модуллер бибилиотекасы ҳ.т.б.

Предметлик областты моделлестириўдиң графикалық қураллары информацион системаны тереңнен үйрениў, оны белгиленген мақсет тийкарында орната билиў мүмкиншилигин әмелге асырыўға жәрдем береди. Ислеп шығарыўшылар тәрепинен интерактив режимде орынланған диаграммалардың модификациясы мағлыўматлар топламына киритиледи, улыўма системалық көз-қараста қадағаланып, ҳәрекетлениўши функционал қолланбалардың генерацияланыўы ушын қолланылады.

Диаграммалардың графикалық редактори проектленип атырған ЭИС графикалық түрин сүўретлейди. Ол төмендеги операциялардың орынланыўын тәмийинлейди.

-диаграмма элементлерин ҳәм олар арасындағы байланысты жаратыў

- диаграмма элементлериниң көринисин бериў

- диаграмма элементлери арасындағы байланысты көрсетиў

- диаграмма элементлерин, олар арасындағы байланысты ҳәм берилиўин өзгертиў.

Диаграмма верификаторы дүзилип атырған ЭИС методологиясының диаграмма дүзилисиниң туўрылығын қадағалайды. Ол төмендеги функцияларды орынлайды.

- диаграммалардың дурыс дүзилгенлигин қадағалаў

- қәте хабарнамалардың берилиўи ҳәм оның диагностикасы

- диаграммада надурыс элементлердиң ажыратылып берилиўи.

Проектте ҳүжжетти жүритиў бағдары проект ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр қыйлы есабатлар түринде алып отырады. Есабатлар ҳәр қыйлы шәртлер бойынша дүзиледи: мысалы, ўақыт бойынша, диаграмма элементлери, ямаса проект бойынша.

Проект администраторы административ функциялардың орынланыўын тәмийинлеўши қураллардан ибарат:

-проекттиң инициализациясы

-проекттиң дәслепки параметрлерин усыныў

- проект элементлерине байланысыў ҳуқықларын белгилеў ҳәм өзгертиў

- проекттиң орынланыў мониторинги

репозитория хызмети бойынша системалық утилиталар қурамын көрсетеди.

Утилиталар мағлыўматлар архивациясы, мағлыўматлардың қайта тиклениўи ҳәм жаңа репозиторияның дүзилиў функциясын орынлайды.

Заманагөй  CASE-системалардың белгилери бойынша классификациясы:

1) проектлеў методолгиясы бойынша: функционал(структуралы)-бағдарланған, объектке-қарата бағдарланған, комплексли- бағдарланған ( проектлеў методолгиясы қурамы);

2) диаграммалардың дүзилиўиниң графикалық нотациялары бойынша: фиксацияланған нотация, бөлекленген нотация, кеңнен тарқалған нотация.

3) интеграция дәрежеси бойынша: (бөлек локал қураллар): toolkit (ЭИС тиң ислеп шығарылыў этапларын қамтыўшы, интеграцияланған қураллар қурамы), workbench

(проекттиң мағлыўматлар базасының-репозитория менен байланыслы, толық интеграцияланған қураллары).

4) есаплаў техникасының түри ҳәм архитектурасы бойынша: ПЭЕМ бағдарланған, локал есаплаў тармағына бағдарланған (ЛЕТ), глобал есаплаў тармағына бағдарланған (ГЕТ) ҳәм аралас типтеги.

5) проекттиң топарлық тәртипте ислеп шығарылыўы бойынша: топарлық болмаған бағдарда орынланыўы, проекттиң ҳақықый ўақыт ишинде орынланыўына бағдарланған, проект бөлимлериниң бирлесиў режимине бағдарланған.

6) операцион система түри бойынша (ОС): WINDOWS 3.11 басқарыўындағы, UNIX  басқарыўындағы ҳәм басқа ОС басқары6ында ислеўши (WINDOWS, UNIX, OS/2).

Ислеп шығарыўдың дәслепки этапларынан тысқары, мағлыўматлар базасы ҳәм пайдаланыў интерфейсиниң генерациясы ҳәм проектине бағдарланған  CASE-системалар үлкен әҳмийетке ийе.

Интерфейслердиң мағлыўматлар базасы менен генерациясы ҳәм мағлыўматлардың модели менен концептуал схемасы арасындағы өзгерислер әмелий системалардың басқа операцион системаларға өтиўинде мобилликти жоқарылатады. Әмелий системаның мағлыўматлар базасы менен интерфейсин көрсетиўши таблица ҳәм код генерациясы, ислеп шығарыў ўақтын қысқартып ғана қалмастан, проект документация архивинен бөлек жүргизиў мүмкиншилигин береди.

ИС ислеп шығарыўдың қурамалы этапларының бири проектлеў ҳәм анализлеў этаплары, сонлықтан CASE-системалар, проект шешимлериниң қабылланыў сыпатын ҳәм ҳүжжеттиң жүритилиўин бақлаў ушын арналған.

CASE-системаларды таңлаў стратегиясы проект мақсети менен бирге проектке қатнасатуғын ислеп шығарыўшылар қәнийгесине де байланыслы. Көпшилик жағдайларда бир қуралдың өзи проекттиң улыўма талабын қанаатландырмайды. Сонлықтан қураллар қурамы қолланылады. Мысалы базы қураллар анализ ушын туўра келсе, базылары система проекти ушын қолланылады. Сонлықтан CASE-аларды таңлаўда төмендеги аспектлер есапқа алынады.

- проект мағлыўматлары, архив ҳәм түсиндирмелер базасы. МББС ҳәм мағлыўматлар түсиндирмеси мағлыўматлардың интеграция дәрежесин жоқарылатады ҳәм проект мағлыўматларының проект этаплары ҳәм операциялардың арасындағы орынланыўы бойынша бөлистирилиўин, топланыўын ҳәм сақланыўын тәмийинлейди.

- Басқа CASE-системалар менен интерфейси  ЭИС ды проектлеў процессинде ҳәр қыйлы методологиялар қолланылады, сонлықтан қолланылып атырған CASE-системалар ҳәр қыйлы методлардың нәтийжели қолланылыўын усыныў керек. Сонлықтан ҳәр қыйлы методологиялардың терминологиялық бирлесиги тәмийинленеди.

-    экспорт/импорт мүмкиншилиги. Бир ЭИС ушын алынған спецификация басқа системаны проектлестириўде қолланылыў мүмкиншилиги. Қайта проектлестириў ҳәм кодластырыў ҳәр қыйлы CASE-системалар спецификациясының экспорт/импорт қураллары тийкарында тәмийинленеди.

-Ашық архитектура. Бир CASE системадан басқасына аўысыўды тәмийинлейди.

- Жаңа методологиялар менен кеңейиў. Басқа программалық қараллар сыяқлы CASE-системаларда жаңа предметлик областлар ҳәм жаңа талаплардың өзгериўи менен жаңаланыў мүмкиншилигине ийе болыў керек.

- Проектлеў методолгиясының графикалық қураллар менен тәмийинлениўи. Көпшилик CASE-системалар методолгиясы графикалық көриниске тийкарланады. Структуралы диаграммалардың графикалық элементлери ҳәм түсиндирме объектлери проекттиң ҳәр қыйлы компонентлерин декомпозиялаўды тәмийинлейди.

- Проекттиң ҳүжжетлестирилиў сапасының тәмийинлениўи. CASE системаның ҳүжжетлестирилиўи қабыл етилген стандарт ҳәм методолгия тийкарында орынланады.

- Проект шешимлер ҳаққындағы есабатлардың автомат генерациясы. Проектлестириў процессинде жаратылған шешимлер, система ҳүжжетлестирилиўиниң дереги сыпатында хызмет етеди.

- Программа кодларының генерациясы. CASE-системалар анық МББС бағдары бойынша МББС орталығына сәйкес программалық генерация мүмкиншилигин тәмийинлеўи керек.

- Проектти жобаластырыў ҳәм басқарыў. Көпшилик CASE-системалр өз қурамында жобаластырыў ҳәм басқарыў қуралларына ийе болады.

Соседние файлы в папке Referat