Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Жорабеков Т.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
186.88 Кб
Скачать

Эис ди объектке- қарата бағдарлаў тийкарында проектлеў

Объектке-қарата проектлеў усылы тийкарғы шәртлер есабынан системаның динамикалық мүмкиншилигин көрсетеди. Бул арқалы модель объектлердиң өз-ара байланыс жыйындысы ретинде қаралады. Сонда анық мағлыўматты қайта ислеўдиң анық процесси объектлердиң өз-ара байланысқан избе-излиги түринде қаралады. Мағлыўматларды қайта ислеўдиң бир операциясы бир объекттиң өз-ара байланыс нәтийжеси ретинде қаралыўы мүмкин. Объектке-қарата проектлеў процессиниң ақырғы нәтийжеси атрибутларды қайта ислеў методлары менен бириктирилген объектлер класының көплиги болады. Объектке-қарата бағдарлаў усылы мағлыўмат ҳәм процесслердиң биргеликтеги моделлестирилиўин усынады. Бунда мәселе областының модели репозиторияды әсте анықлана баслайды.

Объектке-қаратылған модель системасында улыўмалық функционал моделден объектлердиң динамикалық өз-ара биригиў моделине аўысыў бағдары орынланады, буның тийкарында объектлер классы анық программалық-техникалық орталыққа генерацияланады.

Бүгинги күнде объектке-қарата бағдарлаўда моделлестириўдиң унификацияланған тили UML (Unified Modeling Language) қолланылады.

Моделлестириўдиң унификацияланған тили объектли-ориентирленген анализ ҳәм проектлеўдиң даўамы ретинде қаралады.UML-моделлестириўдиң унификацияланған тили ретинде программалық тәмийнатты ислеп шығыў тараўы объектли моделлестриўиниң графикалық сүўретлеў тили.UML системаның абстракт моделин дүзиў ушын қолланылатуғын график белгилер стандарты.UML программалық системалардың ҳүжжетлестирилиўи,проектлениўин,визуализациясын анықлаў ушын жаратылған.

UML-бул метод емес ал моделлестириў тилиниң атамасы.IML тил ретинде өзиниң қуралларына ийе,бул қуралларға сөзликлер,бул сөзликтеги сөзлер комбинациясы киреди.Бизиң жағдайымызда системаның қандай модель жаратыў кереклигин тил белгилемейди ал тил моделди қалай дүзиў ҳәм оқылыўын қадағалайды.UML-бул визуализация тили. Моделлерди UML-де көрсетиў бул система ҳаққында мағлыўматтың узатылыў процессиниң аңсатласыўы дегени.UML-диң ҳәр бир символына қатаң белигиленген семантика орнатылған,ҳәм бул арқалы интерпретация қәтелерине жол қойылмайды. UML бул спецификация тили ҳәм анықламалары анық белгиленген. UML де моделлестириў бул анық моделди жаратыўды тәмийинлеў дегени. UML программаластырыўдың визуал тили емес,бирақ UML терминлериндеги моделлер программаластырыў тилиниң анық объектли-ориентирленген қурамына бағдарланады. UML- туўры ( модель ® жаңа код) ҳәм кери( код ® жаңа модель) проектлеў мүмкиншилигин усынады.Көпшилик жағдайда UML-моделлестриў қураллары UML-моделлери көринисин Java, C++, CORBA, VB, Smalltalk тиллери кодында усынады. UML-бул ҳүжжетлестриў тили.Программалық тәмийнатты ислеп шығыў процесси тек ғана кодтың жазылынын емес,ал талаплар дизиминиң, архитектура көринисин,дизайнды,системаның дәслепки кодын, проекттиң жобаластырыўын, тестлерди, прототиплер қурамын,өнимлер релизин жаратыўды да нәзерге алады.Өнимниң қандай мәдений орталықта жаратылыўына байланыслы,мағлыўматлар ҳүжжетиниң қәлиплесиў дәрежеси орнатылған шаблонлар менен ҳүжжетлер форматына қарап өзгешеленеди. UML системаға талапты көрсетиўши,ҳүжжетлердиң дүзилиўин орнатыўшы, проектти жобаластырыў ушын зәрүр ҳәрекетлерди орынлаўшы ҳәм ақырғы пайдаланыўшы релизлерге орнатылған бақарыў ушын қуралларды усынады. UML диң тийкарғы элементлери ҳәм байланыслар,диаграммалар.Атамалар тилдиң абстракциялық гилти,байланыслар атамаларды биргеликте бирлестиреди,диаграммалар атамалар коллекциясын группалайды.фирм мира OMG (Object

UML нотацияларына сәйкес объектке-қарата бағдарланған системаның диаграммалары:

1) Қолланыў прецедентлери диаграммасы (Use-case diagram), ЭИС функционаллығын избе-из орынланыўшы транзакциялар түринде көрсетеди;

2)    объектлер класслары диаграммасы   (Class diagram), ER-функционал бағдарланған усыл диаграммасы сыяқлы объектлердиң өз-ара байланысқан қурамын көрсетеди;

3)      жағдайлар диаграммасы (Statechart diagram), олардан ҳәр бири бир класс объектлериниң динамикасын ҳәм олар менен байланыслы жағдайларды көрсетеди;

4)      объектлердиң өз-ара байланыс диаграммасы (Interaction diagram), бир прецедент шегарасында объектлердиң өз-ара динамикалық байланысын көрсетеди;;

5)      хызметлер диаграммасы (Activity diagram), Ɵз-ара байланысқан прецентлердиң ҳәрекетлер ағымын көрсетеди

6)      пакетлер диаграммасы (Package diagram), объектлердиң функционал ямаса тәмийинлениўши система бойынша бөлистирилиўи;

7компонентлер диаграммасы (Component diagram), программалық кодтың физикалық моделин усынады

  1. орналастырыў диаграммалары (Deployment diagram), объектлерди есаплаў тармағы түйинлери бойынша жайластырыў.

Соседние файлы в папке Referat