Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Жалелов К.doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
184.83 Кб
Скачать

Case қуралларының улыўма классификациясы

CASE технологиясының пайда болыўы CASE қураллары программаластырыў методологиясында пайдаланылады. Программаластырыў системасын жаратыў ҳәм айқын (анық) дәрежедеги программаластырыў тиллериниң пайда болыўы, программаның структуралық ҳәм мудуллик методлары, оларды қоллап-қуўатлаўшы проетлестириў тиллери ҳәм қураллары, системалы жантасыў ҳәм тағы басқалар.Буннан басқада, CASE технологияларының пайда болыўы менен төмендеги факторларды келтирип шығарады:

  • Программистерди ҳәм аналитиклерди таярлаў, программаластырыўдың структуралық ҳәм мудуллик консепсияларын ислеп шығыў;

  • Компьютрлердиң жоқары дәрежеде ислеўи ҳәм кең көлемде ислеп шығарылып атырған проектлестириўде жоқары дәрежели графикалық мудуллерден пайдаланыў имканиятын жаратыў;

  • Тармақ технологияларының киритилиўи , ҳәр түрли мағлыўматлар базасынан пайдаланыў ҳәм ҳәр түрли программаластырўдың жумысларын бир-бири менен байланыстырыў имканиятларын жаратыў, өз ишине проект ушын зәрүр болған барлық мағлыўматларды сақлайды.

CASE-технология бул - ИС ды проектлестириў методлары жыйыны ҳәмде предмет тараўын көргизбели түрде моделлестириўге, ИС ны ислеп шығыў ҳәм гүзетиўдиң барлық стадияларында бул моделди анализлеўге ҳәм қолланбаны пайдаланыўшылардың информациялық талапларына сәйкес ислеп шығыўға мүмкиншилик беретуғын инструменталлық қураллар жыйыны саналады.

CASE-технологияның традициялық технологиялардан артықмашлықлары:

  1. Автоматластырылған тексериў ҳәм генерациялаў есабынан исленетуғын программалық қолланбаның сапасының жақсыланыўы.

  2. Қолланбаның компонентлерин қайта пайдаланыў мүмкиншилиги.

  3. ИС ды гүзетиў ҳәм шараятқа бейимлестириўди қоллаў.

  4. Системаны дүзиў ўақытын қысқартыўға ҳәм ол проектлестириўдиң алдыңғы стадияларында келешектеги системаның прототипин алыўға ҳәм баҳалаўға мүмкиншилик береди.

  5. Проектти ҳүжжетлестириў бойынша бир түрдеги жалықтырыўшы жумыслардан ислеп шығыўшыларды азат етеди, себеби қолланбаның өзиндеги программа документатордан пайдаланылады.

  6. ИС ны реал ўақыт режиминде коллективлик ислеп шығыў мүмкиншилиги.

Метод – бул ИС компонентлериниң тәрийпин генерациялаў техникасы ямаса процедурасы(мәселен мағлыўматлар структурасын ҳәм ағымын проектлестириў).

Нотация- арнаўлы графикалық символлар диаграммалар менен системаның структурасын, мағлыўматлар элементлерин, қайта ислеў этапларын сәўлелендириў ҳәмде система проектин формал ҳәм табийғый тилде тәрийплеў.

CASE инструменталлық қураллары – арнаўлы программалар болып, олар ИС проектлестириў ҳәм анализлеў диң бир ямаса бирнеше методологиясын қоллайды.

Заманагөй CASE системалар төмендеги белгилери бойынша классификацияланады:

  1. Проектлестириўдиң қандай методологияларын қоллаўы бойынша: функционал бағдарланған, объектке бағдарланған ҳәм комплекс бағдарланған.

  2. Диаграммаларды дүзиўдиң графикалық нотацияларын қоллаўы бойынша: фиксирленген болек нотациялар ҳәм кең тарқалған нотациялар.

  3. Интегралланғанлық дәрежеси бойынша: tools, toolkit, workbench.

  4. Есаплаў техникасының типии ҳәм архитектурасы бойынша: ЖЭЕМ бағдарланған, локал тармақға, глобал тармақға ҳәм аралас типке.

  5. Проектти коллективлик ислеп шығыў режими бойынша: коллективлик ислеп шығыўды қолламайды, реал ўақыт режимине бағдарланған, подпроектлерди бирлестириў режимине бағдарланған.

ОС типии бойынша: WINDOWS 95 ҳәқары; UNIX басқарыўы менен, ҳәр қыйлы ОС (WINDOWS, UNIX, OS/2) менен.

CASE системаларды таңлаўда төмендегилерди есапқа алыў керек:

  • Проектлик мағлыўматлар, архив ямаса сөзликтиң бар болыўы.

  • Басқа CASE системалар менен интерфейслер мүмкинлиги.

  • Экспорт импорт мүмкинлиги.

  • Көп пайдаланыўшы режими.

  • Ашық архитектура.

  • Жаңа методологиялар менен кеңейтиў.

  • Проектлестириў методологиясын қоллаўшы графикалық қураллардың бар болыўы.

  • Проектлик ҳүжжетлестириў сапасын тәмийнлеў.

  • Проектлик шешимлер ҳаққында есабатларды автомат генерациялаў.

  • Программалар кодларын генерациялаў.

  • Проектти жобаластырыў ҳәм басқарыў.

Соседние файлы в папке Referat