Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Жалелов К.doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
184.83 Кб
Скачать

Case қуралларынан информацион системаны ислеп шығарыў Заманагөй информацион технологиялардың раўажланыўы

Заманагөй информацион технологиялардың раўажланып барыўы информацион системалардың қурамаласып барыўына ҳәм экономикалық тараўда жаңа технологиялар жаратыў зәрүрлиги келип шықпақта. Заманагөй ИТ (Информацион система) төмендегише тәрипленеди.:

  • Тәриплеў қыйыншылығы (көпшилик функциялар, процесслер, мағлыўмат, элементлери ҳәм олар арасындағы өз-ара байланыс қурамалылығы),мағлыўматларды ҳәм процесслерди моделлестириў зәрүрлиги;

  • Компонетлардың өз-ара байланысы (система асты), өзиниң локаль ҳәм анық функционал мәселелерине (мәселен, дәстүрий программалар, мәселелерди қайта ислеў ҳәм транзакция қылыў ҳәм программаларды аналитикалық қайта ислеў, қарар қабыл етиўды қоллап қуўатлаў), үлкен көлемдеги мағлыўматларды ислетилип атырылған ҳәм тийкарланбаған сораўлардан пайддаланып атырған;

  • Дурыс аналоглардың жоқлығы, типли таяр нәтийжелерден ҳәм көширилген система мағлыўматлардан пайдаланыў шеклениўи;

  • Бар болған программалардың ҳәм жаңа жаратылған программалардың интеграсиясы;

  • Бир неше аппарат тәмийнатларында машқалалар;

  • Ҳәр түрли мағлыўматлардан пайдаланғанда программисттиң өз ара классификациядағы парқы;

  • Жоба таярлаўға берилген аз ўақыт ишинде ҳәм бир тәрептен программистлер топарының мағлыўматлар менен кем тәмийнленгенлин, ҳәм басқа тәрептен, буйырпа беретуғын шөлкемниң ишки информация системасының жаңадан раўажланбағанлығы;

Жобаның ең тийкарғы дереклеринен бири бул проетлестириўде мағлыўматлар жетиспеўшилиги машқаласының пайда болыўының алдын алыў, информация моделиниң ҳәм функциясының бир-бирине қарама-қарсы мағлыўматлардан азат етилгенлиги. Информация системасының жаратылыў тәжрийбеси сонны көрсетеди, логикалық қыйын, жүдә аўыр жумысс есапланып, онда қатнасып атырған пррограммистлердиң тәжрийбеси ҳәм квалификасиясы жоқары болыўын тәмийинлеў керек болады.Бирақ жақыт ўақытлар ишинде информайион системаны проетлестириў тийкарынан басланғыш көринисте формал болмаған моделлерден пайдаланыў арқалы, санаатқа тийкарланған ҳалда, әмелий тәжрийбелер, ҳәм жүдә қымбат туратуғын экперимент баҳалаўларда әмелге асырылатуғын еди. Буннан тысқары, процесс ҳәм функционал жаратыўда пайдаланыўшы мағлыўматларды өзгертириў кыйыншылығы бундай системаларды жаратыўда жүдә үлкен қолайсызлықлар жаратар еди. 70-жыллар ақыры ҳәм 80-жыллырдың басларында Информациялық системаны жаратыўда тийкарғы структуралық методлардан, яғний программаластырыўдан қатаң шегара тийкарында Информациялық системаны ҳәм техникалық машқалаларын шешиў кереклигин аңлатады. Анықлылық ҳәм қәтеликлер көплиги программаластырыўда неформал шешимлерди келтирип шығарыў зәрүриятын келтирип шығарады. Бирақ, бул анық ямаса информациялық системаларды жаратыўда избе–из ҳалатларда пайдаланылған, бул нәрсе яғний қол мийнети жәрдеминде графикалық ҳәм спетсификалық системаларды жаратыў жүдә кыйын мәселе, оларды тексериў ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылыққа ушрамаслығы ҳәм егер лазым болғанда өзгертириў зәрүрияты пайда болады. Егер жаңа системаны проетлестириў мүмкин болған анализлер де, бирақ егерде проектлерде қандайда бир қәтелик пайда болғандай болса буны дурыслаў жүдә қыйын мәселелерге айланады. Қалған Информациялық системаны проектлестириў бул машқаланы келтирип шығарады:

  • Шәртлердиң адекватсызлығы спетсификациясы;

  • Проектлерде қәтеликлерди табыў ҳәм оларды шешиў;

  • Ҳүжжетлестириў жүдә пәс сапаланыўы;

  • Үзликсиз цикл ҳәм тестлеў қанықарсыз нәтийжелери;

Басқа тәрептен, ИС программалары барлық ўақыт ақырында турыўлары, компьютер технологиялары сапасы, өз ислериниң турақлылығы ҳәм қәўипсизлик тәрептен күшли исленбегенлиги.

Бундай ис қыйыншылықлары програмистлер тәрепинен CASE технологияларының жаратылыўына алып келди, CASE технологиясы ИС жаратылыўында кең пайдаланды. CASE (Computer Aided Software Engineering) термини ҳәзирде жүдә кең қолланылады. CASE термининиң биринши анықламасы, сораўларды қайта ислеўде тек ғана программалық орталықта, ҳәзириги ўақытта жаңа мәни кәсип етпекте. Қурамалы ИС жаратыўды өз ишине алмақта. Енди CASE сөзи мәнисинде көпшилик программалық қуралларды түсинеди, жаратыў процесслерин қоллап қуўатлайды, өз ишине шәртлерди ҳәм нәтийжелердиң дурыслығын тексериў, программаларды мағлыўматлар базасы жәрдеминде проектлестириў, кодларды генерациялаў, тексериў, ҳүжжетлестириў, сапалы тәмийнлеў, проектти конфигурацион басқарыў ҳәм басқа да процесслерди өз ишине алады.

CASE-қуралы ИС қуралы жәрдеминде ИС барлық улыўма қәсиетлерди өз ишине алады.

Соседние файлы в папке Referat