Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

9.2. Есабат дүзилмеси

Есабат формадағыдай бөлимлерден турады, ал бөлимлер басқарыў элементлеринен турыўы мүмкин. Бирақ формадан парықлы есабаттағы бөлим үлкен, ал басқарыў элементлери керисинше киши, есабаттың структурасы менен танысыў аңсат, қандайда бир автоесабат дүзип, ал кейин оны конструктор режиминде ашамыз.

1. Есабат структурасы бес бөлимнен турады есабат басламасы (Заголовка отчета), жоқарғы колонтитул (Верхнего колонтитула), мағлыўматлар областы (Областы данных), төменги колонтитул (Нижнего колонтитула) ҳәм есабат ескертиўи (Примечания отчета).

2. Баслама бөлими улыўма есабат басламасын баспаға шығарыў ушын хызмет етеди.

3. Жоқарғы колонтитул (Верхнего колонтитула) бөлими басламашаларды баспаға ушын пайдаланыўы мүмкин, егерде есабат қурамалы структураға ийе болса ҳәм көп бетти алса. Бул жерде колонцифрларды жайластырыў мүмкин,егерде буны төмендеги колонтитулда ислемеген болса.

4. Мағлыўматлар областында (Областы данных) басқарыў элементлери базасның таблицасындағы байланысқан майданшаларды жайластырады. Бул басқарыў элементлери таблицадағы мығлыўматларды принтерге баспаға шығарыў ушын береди. Жайластырыў тәртиби ҳәм басқарыў элементлерин тегислеў форманың структурасын дүзиўдей болады.

5. Төменги колонтитул (Нижнего колонтитула) бөлими жоқарғы колонтитул бөлиминдегидей мақсет ушын пайда болады. Бизиң жағдайымызда оған еки басқарыў элементи жайласады.

6. Биринши басқарыў элементинде күнделикли дата шығады.Бул ушын ACCES де келтирилген NOW( ) функциясы қолланылады. Ол күнделикли датаны келтиреди ҳәм оны майданшаға жайластырады, ал есабат оны баспаға шығарады.

7. Екинши басқарыў элементи беттиң номерин ҳәм беттиң улыўма санын шығарады. Оларды анықлаў ушын. Pagе( ) ҳәм Pagеs ( ) келтирилген функциялар қолланылады. оператор тексти жалғаў ушын хызмет етеди.  операторын конкатенация операторы деп атайды.

8. Ескертиў (Примечания) бөлими қосымша информацияларды жайластырыў ушын пайдаланылады.

I-баптың сораўлары

1.Мағлыўматлар базасы қандай объектлерде сақланады?

2.Таблицаның майданшасы ҳәм жазбасы не менен ажыралады?

3.Таблицаның майданша түрлеринен қайсыларын билесиз?

4.Ҳеш қандай жазыўы жоқ қандайда бир информациядан туратуғун таблицаны айтың?

5.Майданшасы жоқ қандайда бир информациядан туратуғын таблийаны айтың? Усындай таблица бар болама?

6.Санаўшы түриндеги майданшаның айрықшалығы неден турады?

7.MEMO түриндеги майданшаның айрықшалығы неден турады?

8.Қандай майданшаны жүдә жақсы деп есаплаўға болады?

9. Биринши гилтли майданша қандай болыўы керек?

10. Биринши гилтли майданшаның артықмашылығы неде?

11.Реляциялық мағлыўматлар базасы деп неге айтамыз?

12. Мағлыўматлардың қандай түрлери бар ?

13. Мағлыўматларды неше түрли көринисте сақлаў мүмкин?

14. Мағлыўматлардың реляциялық модели дегенимиз не?

15. Реляциялық МББС деп неге айтамыз?

16. Мағлыўматлардың иерархиялық модели дегенимиз не?

17. Иерархиялық МБ қандай болады?

18. Иерархиялық МББС деп неге айтамыз?

19. Мағлыўматлардың тармақлы модели дегенимиз не?

20. Тармақлы МБ қандай болады?

21. Тармақлы МББС деп неге айтамыз?

22. МББС дегенимиз не?

23. Майданшаның қандай түри гилтли майданша болады?

24.Қандай диалоглы айнада мағлыўматлар базасының таблицасының майданшалары арасындағы байланысты дүзеди?

25. Не себептен ACCESS программасының таблицасын табыўда киритилген мағлыўматларды сақлаўды орынлаў болмайды?

26. Сораўлар не ушын арналған?

27. Мағлыўматлар базасының сораўлары таблицада берилген. Базада тийкарланған сораўдың таблицасы қалай аталады?

28. Сораўлар жуўабы нәтийжесинде таблица дүзиледи? Бул таблица қалай аталады?

29. Базаның таблицасына мағлыўҳматларды таңлаў ушын арналған сораўлар категориясы қалай аталады?

30. Сораўлар структурасын дүзгенде толтырылатуғын бланк қалай аталадыЎ

31.Mағлыуматлардың қатнасыўында есаплаў нәтийжесинде дузилетуғын басқа майданшада туратуғын мағлыумытлар майданшасы қалай аталады

32. Жуўмақлаўшы есаплаўды орынлаўшы сораўлар категориясы қалай аталады

33.Қандай жуўмақлаўшы категорияларды билесиз

34. Таблицада жазбаның жуўмақлаўшы есаплаўын орынлаў ушын қандайда бир белгиси бойынша топарға алыў мүмкин. Усы ўақытта үлги бойынша сораўлар бланкасында топарға алыў командасы ушын қатар жоқ. Оған бул қатарды қалай киритемиз

35. Үлги бойынша сораў бланкасында ҳәр бир таблица майданшасына бир бағана сәйкес келеди.Онда бир жуўмақлаўшы функцияны есаплаўға команда бериў мүмкин.Бир майданша бойынша төрт жуўмақлаўшы есаплаўды қалай ислеў мүмкин,мысалы қандайда бир топарды қосындыны,орташа мәнисин,товарлардың максималь ҳәм минимал баҳасын анықлаң

36. Сораўда Ф.И.О ат пенен есапланатуғын майданша бар.Онда аңлатпа жазылған,келисилген мағлыўматлар Фамилия, аты ҳәм Әкесиниң аты деген үш майданшадан алынады,кейин бул мағлыўматлар бир қатарға биргеликте қосылады ҳәм бул майданшаға алып барылады. Нәтийжели таблицада ол майданшадан мағлыўматларды қайталамастан Ф.И.О майданша мазмуны сәўлелениўде қалай ислейди

37. Сораў жәрдеминде таблицада қандайда бир майданша бойынша саралаўды өткериў қалай болады

38. Саралаўдың қайсы еки түрин билесиз

39. Мағлыўматлар базасында майданша бар:

Фамилия,Аты,Әкесиниң аты.Бул майданшаға сәйкес үлги бойынша сораў бланкасы бағанасында саралаўды өткериўге көрсетпе киритиледи.Сондай үш майданшадан қайсысы бойынша саралаў болады

40. Формалар не ушын арналған

41. Форманы автомат түрде дүзиў усылларының қайсыларын билесиз

42. Формалар неден турады

43. Форманың қайсы бөлимлерин билесиз

44. Форманың қайсы басқарыў элементлерин билесиз?

45. Форманың басқарыў элементин дүзиў менен бир қатарда байланысқан үстиңги жазыў деп аталыўшы басқарыў элементи автомат түрде дүзилиди.Бул үстиңги жазыўды басқарыў элементинен қалай дүзеди, егер дүзиўши ол солда жатыўын қәлемейди, ал оның басқарыў элементиниң төменде жатыўын қәлесе?

46. Қайсы команда жақсы жайласпаған форманың басқарыў элементин тегислеўи мүмкин?

47. Таблицаны толтырыўда жийи қайталаныўшы мағлыўматларды киритпеўи, ал оларды алдынан таярланған дизимнен таңлаў қолайлы. Буны ислеўге мүмкиншилик беретуғын форманың басқарыў элементин қалай атайды?

48. Формаларды тек киритиў ушын емес, ал мағлыўматларды шығарыў ушын қолланыў мүмкин бе?

49. Есабатлар не ушын арналған?

50. Есабат жумысында мағлыўматларды шығарыў қайсы компьютер системасындағы қурылмада жүз берген?

51. Есабатлар неден турады ?

52. Есабаттың қайсы бөлимлерин билесиз?

53. Есабат бөлимлери ҳәм формалар бөлимлериниң неси улыўма ҳәм неси менен өзгеше?

54. Есабатты автомат түрде пайда етиўдиң (генерация) қайсы усылларын билесиз?

55. Accеss программасында есабатты автомат түрде пайда етиў ушын нени көрсетемиз ? Есабат нениң базасында орынланады?

56. Таблица, сораў, форма ҳәм есабатлардан басқа МББС Access қайсы объектлер менен жумыс ислейди? Олар не ушын арналған?

II-бап. SQL ТИЛИ

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]