Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / зияда++.doc
Скачиваний:
1
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
744.96 Кб
Скачать

2.10. Таблица.

Manifest.MF файлының шәртли атрибутлары

Атрибут аты

Көрсетпеси

MIDlet-Name

MID-лет қурамының атамасы

MIDlet-Versiorv

<major>.<minor>.<micro> формасындағы MID-летлер қурамының версия номери,JDK өнимлериниң версияларын басқарыў спецификасының схемасы менен анықланады.

MIDlet-Vendor

Қурылманы ислеп шығарыўшы (компания яки шахс)

MIDlet-<n>

MID-летлер қурамында, n –ши MID-лет класының аты MID-лет текст аты дизими,үтир менен белгиленеди.

MicroEdition-Profile

MID-летлердиң орынланыўы ушын зәрүр болған,J2ME профили

MicroEdition-Configuration

MID-летлердиң орынланыўы ушын зәрүр болған,J2ME конфигурациясы

Манифест файлы атрибутлар қатарына ийе,бир атрибут бир қатарға.Ҳәр бир атрибут гилттен ҳәм мәнислерден ибарат.Гилттен соң еки точка қойылады, ол берилген мәнистен айырып турыўшы белги.

Hello программасының Manifest.MF файлы Hello/bin папкасында жайласады ҳәм ол төмендегише көринисте:

MIDlet-l: Hello, Hello.png, Hello

MIDlet-Narae: Hello

MIDlet-Vendor: Vartan Piroumian

MIDlet-Version: 1.0

MicroEdition-Configuration: CLDC-1.0

MicroEdition-Profile: MIDP-1.0

Манифест файлы ҳәр қыйлы MID-летлерди, MIDlet-1 тен MIDlet-n аралығы бойынша номерлейди.1 саны биринши MID-летти идентификациялайды.

MIDlet-1 атрибутының үш мәниси бар.Бириншиси- MID-лет қурамына ийе, MID-лет қурамының аты,ол адам тәрепинен орнатылады.Екинши мәнис-AMS тәрепинен белги ретинде қолланылатуғын, PNG көринис файлының аты усы MID-летти көрсетеди. Соңғы мәнис MID-лет класының файл аты, MID-леттиң орынланыўының кирис точкасын анықлайды.

AMS , MID-леттиң қурылмаға сәйкеслигин MicroEdition-Configuration ҳәм MicroEdition-Profile атрибутлары менен анықлайды.

MIDР спецификациясы манифест файлында шәртли болмаған майданларды жаратыўды тәмийинлейди.2.11. таблицада манифест файлының шәртли болма4ан майданлары берилген.

2.11. Таблица

Manifest.MF файлының шәртли болмаған атрибутлары

Атрибут аты

Көрсетпеси

MIDlet-Description

MID-летлер қурамын көрсетиў

MIDlet-Icon

JAR да жайласқан,PNG файлының аты

MIDlet-Info-URL

MID-летлер қурамы ҳаққында қосымша мағлыўматтан ибарат,URL

MIDlet-Data-Size

Қурам тәрепинен талап етилген,турақлы сақланыўшы мағлыўматлар байтының минимал муғдары

Қолланбаның JAR файлын жаратыў ушын төмендеги команда орынланады:

$ jar craf bin/MANIFEST.MF bin/HelloWorld.jar -C classes/ .

-C res .

$

Қолланбаны басқарыўдың программалық тәмийнаты мобил қурылмада мағлыўматты алыў ушын JAD файлын қолланады,ол мидлеттиң орынланыўында ресурсларды басқарыў ушын зәрүр.Қолланбаның дескриптор файлы шәртли емес,бирақ информатив.

Қолланбаның дескриптор файлларының атрибутлары 2.12 ҳәм 2.13 таблицаларында берилген.

Қолланба дескрипторы файлының шәртли атрибутлары.

Атрибут аты

Көрсетпеси

MIDlet-Jar-URL

MID-лет қурамының JAR файлы URL

MIDlet-Jar-Size

JAR файлының өлшеми (байтта)

MIDlet-Name

MID-лет қурамының аты

MIDlet-Vendor

Қолланбаны ислеп шығарыўшы (компания ямаса шахс)

MIDlet-Version

<major>.<minor>.<micro> формасындағы MID-летлер қурамының версия номери,JDK өнимлериниң версияларын басқарыў спецификасының схемасы менен анықланады.

MicroEdition-

Configuration

MID-леттиң орынланыўы ушын зәрүр болған,J2ME конфигурациясы

MicroEdition-Profile

MID-леттиң орынланыўы ушын зәрүр болған,J2ME профили

Соседние файлы в папке Referat