2.1.3 Foundation Profile профили
Профиль менен биргеликтеги конфигурация J2ME диң орынланыў орталығын дүзеди.Конфигурация тәрепинен қолланылатуғын, системалық дәрежедеги хызметлер менен қәсийетлер қолланбаны ислеп шығарыўшылар тәрепинен қандай да бир дәрежеде көрсетилмейди.Ҳақыйқатында да қолланбаны ислеп шығарыўшы туўрыдан туўры кириў имканиятына ийе емес, егер бул шәрт орынланбаса J2ME сәйкес талапларға жуўап бермейди деп есапланады.Профиль API де ибарат дәрежени белгилейди. J2ME ислеп шығарыўшылар дәслебинде CDC тиң бир профилин усынды, ол J2ME 1.3 версиясында шығарылған Foundation профили.Ол электрон товарларды тутыныў сферасының компаниясы тәрепинен, Java Community Process комитети тәрепинен ислеп шығылды. Foundation профили 2.3 таблицада келтирилген, J2ME пакетлеринен ибарат.
2.3 Таблица.
Foundation профили пакетиниң аталыўы |
Көрсетпеси |
java.lang
|
Java тилин қолланыў |
java.util
|
Zip тиң ҳәм J2SE утилиталарының толық қолланылыўын қосады |
Java.net
|
TCP/IP сокетлерин ҳәм HTTP- бириктириўлерин қосады |
java.io
|
Киритиў/шығарыў механизмлерин қолланады |
java.text
|
Пакетлер интернализациясын қолланыўды тәмийинлейди |
java.security
|
Кодлар сертификациясын ҳәм подпислерди қосады |
Таблицада келтирилген мағлыўматлар бойынша,API график интерфейси белгилейтуғын java. awt ҳәм java. swing иерархиясы қолланылатуғын пакетлерге киритилмеген. Егер қолланба ушын GUI зәрүр болса, онда қосымша профиль талап етиледи.Профиллер бириниң үстине бири орнатылады. Бирақ J2ME платформасы тек бир конфигурацияға ийе.
Foundation профилинде GUI қолланыў шәрти киритилмегенликтен, турақлы жалғанған тармақ қурылмаларына тәсири кем дәрежеде болады, мысалы, телевизорға жалғанған компьютер приставкаларына қарағанда, J2ME, CLDC конфигурациясында ислеўши, Мобил қурылмаларға тәсири .
Улыўма айтқанда, конфигурацияға ямаса профилге библиотекаларды ҳәм қәсийетлерди киритиў статистикалық ҳәм динамикалық ресурслар талапларына ҳәм олардың қәўипсизликлерине тийкарланады.