Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Referat / Нуржамал индустриал.doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
27.11.2023
Размер:
986.62 Кб
Скачать

3 Эталон. ( dos-версия)

«Эталон» DOS-версия КИС мүлкшилик формалары ҳәм спецификаларын есапқа ала отырып, өндирислик ҳәм саўда кәрханалары хызметин, қамсызландырыў компаниялары, бюджет мекемелер, аудиторлық фирмалар, илимий-изертлеў шөлкемлери, хызмет көрсетиў сферасы, мийманханалар комплекси ҳәм ресторанлар, инвестицион компаниялардың финанс-экономикалық хызметин автоматластырыўды тәмийинлейди.

«Эталон» системасы –кәрхананы басқарыў ушын зәрүр болған мәселелердиң комплекс шешими: ҳақықый ўақыт бирлигинде бухгалтериялық есап, толық баланстан тыс есап, өндиристи ҳәм баҳа сиясатын басқарыў, өнимниң өзине түсер баҳасын есапқа алыўдың орнатылатуғын системасы, маркетин, сатыў ҳәм топлаў, буйырпалар портфелин дүзиў, ресурслардың склад есабы, бизнес-жоба (дәраматлар, ғәрежетлер, пайда ҳәм оны пайдаланыў), финанслық-экономикалық анализ, финанслық жобаластырыў ҳәм бюджетлестириў, кадрлар ҳәм штат бирлиги, юридикалық бөлим, шәртнамалар есабы ҳәм олардың орынланыўын қадағалаў.

Бирақ КИС тиң тек өзин жаратыў буйырпашы-кәрхана мақсети бола алмайды. Оның ушын кәрхана спецификациясын итибарға алыў, экономика ҳәм финанс сферасында басқарыў шешимлерин қабыллаў процессинде исенимли ҳәм толық мағлыўматты алыўды тәмийинлеўши, кәрхананы басқарыў системасын жаратыў әҳмийетлирек.

Ең алды менен, кәрхананың бизнес-функция қурамы ҳәм КИС архитектурасы, шөлкемлескенлик қурам базы бир дәрежеде бир бирине ғәрезсиз болыўы керек. Анығырақ айтатуғын болсақ, маркетинг бөлимин жаратыў ямаса кадрлар бөлими ҳәм оны бириктириў структураның ҳәм КИС қурамының радикал өзгерисин пайда етпеў керек. Системаның мүмкиншиликлерин кеңейтиў кәрхананың шөлкемлескенлик структурасын автомат өзгертиўге алып келмеген сыяқлы, жаңа түрдеги хыметтиң пайда болыўы КИС сатып алыў менен байланыслы емес.

Басқарыў есабы дегенде биз төмендегилерди яғный ҳәр қыйлы есаплардың интеграция методологиясын түсиниўимиз керек: бухгалтериялық ҳәм статистикалық есап, жобаластырыў, бюджетлестириў, финанс-экономикалық анализ бенен биргеликте болжаў.

Информацион кеңислик принциплери:

Мағлыўматлар базасы структурасы ҳәм олардың динамикалық өзгериси қурамына байланыспаған тәризде, «пүтин информацион кеңислик» ҳәм программалық модулди жаратыў есабынан, мағлыўматлардың қайта ислениўине ҳәм сақлаў усылына шеклеўлер енгизиў.

Басқарыў, финанс ҳәм бухгалтериялық есаптың информацион кеңислигин интеграциялаў.

Пүтин информацион ҳәм функционал кеңислик төмендеги қәсийетлерге ийе:

Информацион орталық байланыслары ҳәм структуралық қурамы пүтин программалық модулди қолланыўда кардинал өзгериўи мүмкин.

Мағлыўматлар базасы ҳәм информацион орталықтың, мағлыўматлар базасы структурасының ҳәм олардың реляциясының, типлериниң, өлшемлериниң , майдан атамаларының ўақыт бойынша динамикалық

өзгериўи (программалық кодты өзгертиўсиз).

Бухгалтериялық мағлыўматларды киритиўдиң унификацияланған экраны: «бухгалтериялық жазыў» дың бас принципи, проводкалар балансын автомат тәмийинлеў, бухгалтериялық, басқарыў, статистикалық мағлыўматлардан ибарат параметрлердиң шекленбеген дәрежеси; бухгалтериялық, басқарыў ҳәм статистикалық есабатларды қәлиплестириўди тәмийинлеўши барлық финанслық мағлыўматларды көрсетиўши методлар.

Булардың барлығы бизнес-процесслердиң дәрежелериндеги объектке-қарата бағдарланған усылды көрсетеди.

Бүгинде дүнья жүзи бойынша ERP инсталляция дизими кеңнен тарқалған программалар қатарына киритилмекте. Системаға орнатылған технологиялық өзгешеликлер ҳәм оның жетискенликлери, басқарыўдың интегралластырылған системалары арасында лидер сыпатында көрсетпекте.

R/3 системасы әмелий модуллерден ибарат болып, ол ҳақықый ўақыт бирлигинде өз-ара интегралласқан компанияның ҳәр қыйлы бизнес-процесслерин тәмийинлейди.

1-сүўрет. R/3 системасының тийкарғы модуллери

Финанслар (FI). Модуль тийкарынан бухгалтериялық есабатты, дебитор ҳәм кредиторлар, қосымша бухгалтерия бойынша есабатларды шөлкемлестириў ушын арналған.Ол өз ишине: Бас китапты, Дебиторлар бухгалтериясын, Кредиторлар бухгалтериясын, Финанслық басқарыўды, Арнаўлы регистрди, Есабат ҳәм есапты жүритиўдиң информацион системасын ҳәм консолидациясын қамтыйды.

Контроллинг (СО). Кәрхананың ғәрежетлери ҳәм пайдасының есабын тәмийинлеўши модуль ҳәм өз ишине төмендегилерди қамтыйды: Буйырпалар бойынша ғәрежетлер есабы, Проектлер бойынша ғәрежетлер есабы, ғәрежетлер Калькуляциясы, Нәтийжелиликти қадағалаў, Пайданың пайда болыўын қадағалаў, Қайта ислеў есабы, кәрхана хызметинниң контроллинги.

Тийкарғы қуралларды басқарыў (АМ). Модуль тийкарқуралларды басқарыў ҳәм олардың есабын жүритиў ушын арналған. Модулдиң тийкарғы элементлери: тийкарғы қуралларды техникалық басқарыў,қуралларды оңлаў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиў,инвестиция ҳәм активлердиң сатылыўының контроллинги, тийкарғы қураллардың программалық есабы, Тийкарғы қуралларды алмастырыў ҳәм амортизация, Инвестицияларды басқарыў.

Проектлерди басқарыў (РР). PS тиң әмелий модули, жобаластырыўды, дәрежеси қурамалы болған узақ мүддетли проектлерди басқарыў ҳәм олардың мониторингин тәмийинлейди. PS әмелий модулдиң тийкарғы элементлери: Финанслық қаржыларды ҳәм ресурсларды қадағалаў, Сапаны қадағалаў, ўақытша мағлыўматларды басқарыў, Проектлерди басқарыўдың информацион системасы,Улыўма модуллер.

Өндирислик жобаластырыў (РР). Модуль жобаластырыўды шөлкемлестириў ҳәм кәрхананың өндирислик хызметин қадағалаў ушын қолланылады.Әмелий модулдиң тийкарғы элементлери: Спецификациялар (ВОМ), Технологиялық карталар, Жумыс орайлары (орынлар), Сатыўды жобаластырыў, Өндирислик жобаластырыў (МРS), материалларға талапты жобаластырыў (MRP), Өндиристи басқарыў (SFC), Өндирислик буйыртпалар, буйымлар ғәрежетиниң калькуляциясы, Процесслер бойынша ;!режетлер есабы, Сериялық өндирис, Канбан, Үзликсиз өндиристи жобаластырыў.

Материаллық ағымларды басқарыў (ММ). Модуль хожалық операцияларында пайдаланылатуғын, запасларды басқарыў ҳәм топлаў функциясын тәмийинлейди. Тийкарғы элементлер: Материалларды сатып алыў, Запасларды басқарыў, Складларды басқарыў, Счетларды қадағалаў, материаллық запаслардың баҳаланыўы, Тәмийнатшылардың аттестациясы, Хызмет ҳәм жумысларды қайта ислеў, Сатып алыўлардың информацион системасы ҳәм Запасларды басқарыўдың информацион системасы.

Сатыў (SD). Модуль тарқатыў, сатыў, алып барыў, есапларды бериў мәселелерин шешеди. Тийкарғы элементлер: Сатыўдан алдын тәмийинлеў, запасларды қайта ислеў,Усынысларды қайта ислеў, Буйырпаларды қайта ислеў, Есапларды алып барыў, сатыўдың информацион системасы.

Сапаны басқарыў (QM). булл модуль информацион системаны ҳәм сапаны басқарыў системасын қамтыйды. Ол сапаны жобаластырыў, өндирис ҳәм сатып алыўда сапаны тексериў ҳәм қадағалаўды тәмийинлейди. Тийкарғы элементлер: Сапаны жобаластырыў, сапаны қадағалаўдың информацион системасы (QMIS).

Техникалық хызмет көрсетиў ҳәм қурылмаларды оңлаў (РМ). Модуль техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оңлаў ғәрежетлериниң есапланыўына жәрдем береди.Тийкарғы элементлери: Жобаластырылмаған оңлаў, Сервисти басқарыў, Жобалы-профилактикалық оңлаў, Спецификацяларды жүритиў, Техникалық хызмет көрсетиўдиң ҳәм оңлаўдың информацион системасы.

Персоналларды басқарыў (НR). Рабочий персоналларды басқарыў ҳәм жобаластырыўдың интегралласқан системасы.Тийкарғы элементлер: Персоналларды басқарыў, Ис ҳақы менен есапласыў, Ўақытша мағлыўматларды басқарыў, Сапар ғәрежетлер есабы, Льготалар, Жаңа хызметкерлер қурамы,Персонал квалификациясын жобаластырыў ҳәм арттырыў, Рачий күшти пайдаланыў, Семинарларды басқарыў, Шөлкемлескенлик менеджемент, Персоналлардың информацион системасы.

Информацион ағымларды басқарыў (WF).Системаның булл бөлимиинтеграцияланған әмелий модуллерди ҳәмме ушын улыўма болған технология, севслик қураллар, иняструментлер менен байланыстырады. Операциялар ағымын басқарыў (workflow) хожалық процесслерин алдын ала белгиленген әмеллер ҳәм қағыйдаларға сәйкес автоматластырады.Модуль көп функционалы офис системасына ийе болып, онда электрон почта, ҳүжжетлерди басқарыў системасы, универсал классификатор, интеграция системасы орнатылған.Егер қандай да бир жағдай орынланса, сӘйкес процесс қосылады ҳәм ағым диспетчери операция ағымының бирлигин белгилейди. Мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлер белгиленген логикаға сәйкес қайта исленеди.

Тараўлық шешимлер (IS). SAP R/3 әмелий модуллерин ҳәм тараў ушын тән болған, қосымша функционаллықты бириктиреди. Бүгинги күнде санаат ушын тараўлық шешимлер орнатылған: авиацион ҳәм космослық, қорғаныў, автомобиль, нефть ҳәм газ, химиялық, фармацевтикалық, машинасазлық, халық тутыныў товарларының, электрон ҳәм өндирислик болмаған сфераның: банклер, қамсызландырыў, мәмлекетлик органлар, телекоммуникация, коммунал хожалық,денсаўлықты сақлаў, усақлап сатыў.

Базислик система.R/3 системасының тийкары ретинде хызмет етеди ҳәм барлық әмелий модуллердиң интеграциясын, аппаратлық платформадан ғәрезсизлигин гарантиялайды. Базислик системакөп дәрежели клиент-сервер архитектурасында ислеў мүмкиншилигин тәмийинлейди. Бул система UNIX, AS/400, Windows NT,S/390 cерверлеринде ҳәм ҳәр қыйлы МББС ( Informix, Oracle, Microsoft SQL Server, DB) ҳәрекетленеди.

R/3 конфигурацияланыўшы система болғанлықтан, кәрхана индивидуал версия менен ислесиў мүмкин. Техникалық дәреже көрсеткишлери сазлаў усылын ретинде хызмет етеди.Конфигурация ҳәм система орнатылыўы қанша кең болса, системаның техникалық дәрежесиде соншелли жоқары болады.

2 сүўрет. R/3 системасының конфигурацияланыўы.

Финанслық экономикалық системаны енгизиў белгиленген мақсетке қаратылады- жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм конкурентлик гүресте кәрхананың өмир сүрип қалыўы. Кәрхана өмир сүрип қалыўы ушын, дәстүрий методтан басқа, процесслерге бағдарланған, структура функциясына қаратылған формаларға өтиўи керек.Ал әмелиятта бул сәйкес инструментал қураллар ҳәм бизнес-инжинирингтиң инструменти менен әмелге асады.Оның жәрдеми менен кәрхана талабын қаннатландыратуғын R/3 системасын орнатыў ҳәм конфигурациялаў мүмкин ҳәм булл системаның пүткил өмирлик циклинде тәмийнлениўи мүмкин.

R/3 бизнес инжиниринги. Business-Engineer пайдаланыў интерфейсиниң ашық стандартқа муўапық SAP партнерлары ҳәм маслаҳәтшилери R/3 хожалық сценарийлери базасында тараўлық шешимлерди алдын ала жаратыў мүмкин.Соның менен бирге ашық интерфейслер арқалы R/3 системасын енгизиў ушын шаблонларды ислеп шығыў мүмкиншилиги усынылады. Бизнес-инжиниринг R/3 системасының стандарт орнатпасына қойылады ҳәм тийкарғы үш компоненттен қуралады: R/3 бизнес конфигураторы, сәйкес сазланыўлар арқалы, кәрхана моделин жүритиў ҳәм процедураларын жаратыўды тәмийинлейди; R/3 ссылкалы модель- R/3 енгизиўдиң кеңейтилген метамодели, шөлкемлестириў моделин, процесслер моделин, мағлыўматлар моделин, функцияларды бөлистириў моделин ҳәм бизнес-объектлер моделин қамтыйды; R/3 репозитарийси-Cсылка модели, тараў модели ҳәм кәрхана моелиниң мағлыўматларының тийкарғы банки.

3-сүўрет. Бизнес инжиниринг инструментарийси жәрдеминде R/3 конфигурацияланыўы.

Система бизнес-процесслердиң динамикалық графикалық моделлестириўин тәмийинлейди. Бизнес-инжиниринг инструменти R/3 системасы конфигурацияланыўын кеңейтеди ҳәм тезлестиреди. Модель жаратыўда кәрханалар SAP ҳәм олардың партнерлары арқалы усынылатуғын сценарийлерден пайдаланады.

Маршрут карта (Roadmap). R/3 енгизиў бойынша избе-из ҳәрекетлерди белгилейди, бунда клиентлерге проекттиң барлық фазасының түсиндирмеси ҳәм енгизиўдиң барлық этапында жүритилиўи усынылады.

4 сүўрет. Тезлестрилген енгизиўдиң маршрут картасы.

Ассистент.Енгизиў инструменти, маршрут карта бойынша навигация ушын қолланылып, бунда клиентлерге моделлерди, анкеталарды ҳәм қадағалаў бетлерин усынады, соның менен бирге сервислик хызмет ҳәм тәмийнат тараўы хызметлеринде қамтыйды. Инструментал қураллар қурамына проектти баҳалаў қураллары да киреди, ҳәм олар системаның енгизилиўи ушын зәрүр болған, ўақыт ғәрежетлерин, финанслық қаржыларды, мийнет ресурсларын анықлайды.

Сервис ҳәм тәмийинлеў системасы. Қәнийгелердиң турақлы тәмийинлениўин ҳәм пайда болған мәселелердиң опреатив шешимлерин тәмийинлейди.

Жаңа компонентли архитектура. Системаның тезде негизилиўи ҳәм оның қолайлы тәризде қолланылыўы ушын компания жаңа компонентти Business Framework архитектурасын жаратты. Бул ашық интегралласқан, бөлек компонентлерге тийкарланған, архитектура SAP қолланбасын басқа технологиялар менен бирлестиреди. Нәтийжеде R/3 системасы өз жеке модуллеринен ибарат компонентлер қурамына айланады. бундай фрагментация әмелий компонентлерди аңсат жаңаландырады, функционаллықты кеңейтип, системаны иркпестен жаңа қолланбаларды қосыў имканиятына ийе.

R/3 системасын енгизиў методологиясы. SAP тек R/3 системасының функционал мүмкиншиликлерин раўажландырып қалмастан, оның енгизилиў технологиясының жаңаланыўына да итибар береди.

Мысал ретинде, Sterling Group компаниясының шешимлерин келитириў мүмкин.Оның мәниси өндирис қолланбалары комплексиниң интеграция базасында Sterling Group ҳәм R/3 системалары арқалы ислеп шығарылған «АСУ Добыча» системасы арқалы комплекс шешимди жаратыўдан ибарат.

Кәрхананы басқарыўдың информацион технологиясын жаратыў процесси усынылған методолгияға тийкарланып шәртли түрде 6 этапқа бөлинеди:

- Кәрхананы изертлеў (инжиниринг). Функционал моделди ислеп шығыў.

- Объект анализи. Финанслық ҳәм хожалық процесслериниң алгоритмизациясы.

- Информацион система прототипин жаратыў. Кәрхананың өндирислик хызметиниң ҳәм финанс-экономикасыныоделин ислеп шығыў.

- Техникалық инфраструктураны жаратыў (корпоратив есаплаў тармағы, мағлыўматларды қайта ислеў орайы).

-Системаның енгизилиўи.

- Жүритилиўи

5 сүўрет. SAP әмелге асырылыўы

6 сүўрет. Drag/Relate механизми бир неше секундта пайдаланыў есабатларын жаратады.

R/3 системасын орнатыў аңсат кешпейди.Оны толығы менен орнатқан мақул, себеби енгизиўди бир неше этапларға бөлиў, қайта ислеўлерди талап етеди. Екинши тәрептен-персоналды жумыс ўақтында миннетлемелеринен азат етиў арқалы оқытыў ушын мүмкин емес,әдетте үйрениў күнделикли жумыс процесси менен биргеликте алып барылады.Үшиншиден- финансластырыўдың жетерлиги дәрежеде болмаслығы.

Жуўмақ

Дүнья жүзлик тәжирийбесиниң көрсетиўинше, мәмлекеттиң экономикалық өсими экономикада заманагөй информацион ҳәм автоматизациялық технологияларды қолланыў есабынан әмелге асырылмақта.Бүгинги күнде бизнести нәтийжели жүритиў, информацион системасыз әмелге аспайды.Жоқары технологиялар секторы арқалы экономиканың раўажланыўы ҳәм бизнес процесстиң алға илгерлеўи болады.

XIX әсирдеги электрон есаплаў машиналарының пайда болыўы қандай әҳмийетли болған болса заманагөй корпоратив информациялық системаларда сондай әҳмийетке ийе. Ҳақыйқатында да олар илимий-техника революциясының ҳәм дүнья жүзлик экономиканың раўажланыўының тийкары есапланады. Нәтийжели таңланған КИС кәрхананың басқарылыўын сезилерли дәрежеде жоқарылатады ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырады.

Корпоратив информацион системалар ҳаққында сөз жүритпестен алдын, ИС ҳаққында айтып өтейик.

Информациоялық система-пайдаланыўшының информацион тәмийинлениў мақсетинде белгиленген функционал мәселелерди шешиў ушын ислетилетуғын техникалық қураллар, персоналлар, информацион технологиялар, менеджмент мағлыўматларының улыўмаласқан жыйындысы.

Информация-қоршаған дүнья ҳаққында мағлыўмат ҳәм оның ҳәр қыйлы усылларда берилиўи.

Информациоялық системаларда мағлыўмат-ҳәрқыйлы дереклерден келиўши мағлыўматлар ҳүжжетлер. Программалық ҳәм техникалық қураллар кириўши ҳәм сақланыўшы мағлыўматларды мағлыўматлар базасында өзгерте отырып шығыўшы мағлыўматқа өзгереди. Технологиялық процесслерде бул өзгерис ИС персоналы арқалы орынланады (операторлар, программистлер, тармақ администраторлары, информатик-экономистлер).

Информацион система қурамалы структураға ийе, ол көплеген элементлерден ҳәм олар арасындағы байланыслардан ибарат, ҳәм сәйкес информацион-менеджментти талап етеди.

ИС субъект ҳәм басқарыў объекти арасында информацион алмасыў, информацияның өзгериў процессин тәмийинлейди:

Мағлыўматты алыў. Датчиклер ямаса адамлар арқалы қоршаған орталықтан белгиленген мағлыўматты таңлаў ҳәм бул мағлыўматты тасыўшыларға киритиў. Информацияны алыў процесси- қурамлы өзгерис,жаңа информацияның жаратылыўы.

Информацияларды топлаў. Информацияны пайда болған орталықтан қайта ислеў орайына аўыстырыў. Формаларды өзгертиў ҳәм аўыстырыўда кеңислик координаталарының өзгериси менен жүритиледи.

Мағлыўматларды сақлаў. Мағлыўмат қайта ислеў орайына келип түсиўи ҳәм қайта ислениўи ушын базы ўақыт талап етиледи, сонлықтан информация сақланыў шәртине ийе.сақлаў процессии мағлыўматтың ўақыт бойынша өзгериў координатасы менен жүритиледи.

Есаплаў арқалы қайта ислеў.Бул нәтийжелерди алыўға бағдарланған орайлық процесс, пайдаланыўшыға усынылады. Есаплаў арқалы қайта ислеў мағлыўматты алыў, топлаў ҳәм сақлаў процесслери менен жүритиледи.

Мағлыўматты усыныў. Оператив ядтан мәселениң нәтийжели шешимин ақырғы пайдаланыўшыға усыныў.

ИС бир қатар белгилер бойынша бөлинеди.Тийкарғы белгилер қатарына төмендегилер киреди:

- ИС қайта ислейтуғын информация структурасы

- қолланыў дәрежеси

- қолланыў сферасы

(экономикалық, социаллық, статистикалық,юридикалық)

-ИС хызмет ететуғын тараў

- мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм оларды пайдаланыўшылар арасында жайласқан информациялық түйинлер.

Соседние файлы в папке Referat